Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.12.2020 15:16
  • 678

Алимент төлеўден бас тартқанларға жаңа жаза түрлери қолланылыўы мүмкин

Алимент төлеўден бас тартқанларға жаңа жаза түрлери қолланылыўы мүмкин
Алимент төлеўден бас тартқан адамларды мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ҳәм транспорт қуралын басқарыў ҳуқықын ўақытша шеклеў усынысы билдирилди. Бул ҳаққында бүгин, 9-декабрь күни ӨзР Әдиллик министрлигинде Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Норбоева басшылығында шаңарақ нызамшылығын жетилистириў мәселелерине арналған жыйналыста атап өтилген.

Жыйналыс даўамында Әдиллик министри Р.Давлетов алимент төлеў әмелияты бойынша ҳәзирги жағдай ҳәм усы мәселе бойынша сырт еллердиң тәжирийбесин салыстырмалы анализлеп, тараўды жетилистириў бойынша төмендеги усынысларды билдирген:

- шаңараққа таярлаў бойынша мәжбүрий курсларды бийпул тийкарда енгизиў;

- некелениўшилерди бийпул тийкарда бийпушлық бойынша медициналық тексериўден өткериў;

- некениң дәслепки 3 жыллығында жас шаңарақлардың материаллық абаданлығын тәмийинлеў мақсетинде жеңилликли шәртлерде турмыслық, ипотека ҳәм автокредитлер ажыратыў;

- алимент тайынлаў ҳәм төлеў менен байланыслы мәселелерди тәреплер ажырасыў ҳаққында судқа мүрәжат еткен ўақытта мәжбүрий түрде шешиў;

- алимент төлеўден бас тартқан адамларға мәжбүрий жәмийетлик жумыслар және транспорт қуралын басқарыў ҳуқықын ўақытша шеклеў тәризиндеги тәсир шараларын қоллаў.

Билдирилген усыныслар бойынша норативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў мәселесинде келисимге келинген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...