Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.12.2020 15:05
  • 1046

Кегейлиде сабақ көлемин көбейтип бериў ушын пара талап еткен мектеп директоры усланды

Кегейлиде сабақ көлемин көбейтип бериў ушын пара талап еткен мектеп директоры усланды
Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Т.М. өз хызмет лаўазымынан пайдаланып, технология пәнинен саат көлемин 3,7 ставкадан 8 ставкаға көбейтип бериў ушын Ж.М.дан дәмегөйлик жолы менен 100 АҚШ долларын талап еткен.

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, департаменттиң ҚР Кегейли районлық бөлими, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм районлық ишки ислер бөлими менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында мектеп директоры Т.М. өз хызмет бөлмесинде пара сыпатында талап еткен 100 АҚШ долларын алып атырған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды. Бул ҳаққында бизге департаменттиң ҚР Кегейли районлық бөлими хабар берди.

Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған