Telegram karinform

Экономика

  • 11.12.2020 18:00
  • 1230

Тахтакөпирде алдағы жыллары қандай инвестициялық жойбарлар әмелге асырылады? Район ҳәкими мағлыўмат берди

Тахтакөпирде алдағы жыллары қандай инвестициялық жойбарлар әмелге асырылады? Район ҳәкими мағлыўмат берди
Быйылғы жылы Тахтакөпир районында тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеми миллий валютада 111,7 млрд сумды қурап, 1,6 млн АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Бул ҳаққында район ҳәкими Ж.Адилов Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 17-сессиясында депутатлар ҳәм халыққа жоллаған мүрәжатында айтып өтти.

Қурылыс көлеми 76,4 млрд сум (өткен жылы 55,0 млрд сум), хызметлер көлеми 61,9 млрд сум (өткен жылы 58,4 млрд сум), аўыл хожалығы өнимлери 248,4 млрд сум (өткен жылы 205,4 млрд сум)ды қурады.

Жыл даўамында 357 фиизкалық ҳәм юридикалық тәреплерге улыўма 8 млрд 547,1 млн сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.
Тахтакөпирде алдағы жыллары қандай инвестициялық жойбарлар әмелге асырылады? Район ҳәкими мағлыўмат берди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тараўларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2020-жылда районда улыўма 47 млрд 854 млн сумлық 18 инвестициялық жойбар әмелге асырылды. Нәтийжеде 117 жаңа жумыс орны жаратылды.

Атап өтилиўинше, өткен жылларда районның санаат өндириси көлеми республикада 0,1% ти қураған болса, быйылғы жылы бул көрсеткиш 1,4% ке жеткен.

Быйылғы жылдың өткен дәўири ишинде районда жаңадан 140 киши бизнес субъекти, 175 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилген.

2020-жылда районнан 1 млн 529 мың АҚШ доллары муғдарындағы өнимлер экспорт етилген.

Усы жылдың өзинде улыўма 3016 пуқара (соннан 1464 ҳаял-қыз, 1129 жаслар) жумыс пенен тәмийинленди.

Район ҳәкими 2020-2022-жылларда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў бойынша улыўма 73 млрд 901 млн сумлық 54 инвестициялық жойбар иске түсирилетуғынлығын мәлим етти. Бул арқалы районда 359 жаңа жумыс орнын жаратыў мақсет етилген.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы