Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.12.2020 11:03
  • 1063

Хожелиде еки бала Әмиўдәрьяда шана айдаў ушын барып музға ойылып кетти. Биреўи елеге шекем табылмаған

Хожелиде еки бала Әмиўдәрьяда шана айдаў ушын барып музға ойылып кетти. Биреўи елеге шекем табылмаған

Усы жылдың 13-декабрь, екшемби күни саат 14:00 лер шамасында Хожели районы «Водник» ППЖ аймағында жасаўшы 5-класс оқыўшылары Кетбаев Султанбек ҳәм Ержанов Руфат өз үйлеринен шығып, шана айдаў мақсетинде Әмиўдәрьяға барған ҳәм тосаттан музға ойылып, суўға түсип кеткен. Буның ақыбетинде, жас өспирим С.Кетбаев суўдан шыққан, ал Р.Ержановты ҳәзирги саатларға шекем табыў имканияты болмай атыр. Бул ҳаққында Хожели районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети хабар берди.

Ҳәдийсе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Хожели районлық ИИБ, район ҳәкимлиги ҳәм кең жәмийетшилик пенен бирге баланы табыў ушын барлық илажлар көрилмекте.

«Сонлықтан, ҳүрметли пуқаралар жас өспирим нәрестемизди табыў ушын жәрдем етиўиңизди, балықшалардан балық аўлаў ушын арналған үскенелер жәрдеминде баланы табыўға көмеклесиўиңизди өтиниш етемиз! Сондай-ақ, бул жағдайға бийпарқ болмаған ҳәр бир инсанды кеўиллилер сыпатында көмек бериўге шақырамыз! Бағдар: Нөкистен Хожелиге өтетуғын Әмиўдәрья көпири», - деп жазылған ҳәкимлик хабарландырыўында.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.