Әмиўдәрья үстинде Хорезмди Қарақалпақстан менен байланыстыратуғын көпир қурылатуғынлығы ҳаққында хабар берилген еди. «Өзбекстан темир жоллары» АЖ баслығы Ҳ.Ҳосилов көпир ҳаққында төмендеги мағлыўматларды мәлим етти.
Оның атап өтиўинше, 412,7 метр узынлықтағы ҳәм Әмиўдәрья арқалы қурылатуғын жаңа көпирден темир жол ҳәм автомобиль жолы биргеликте өтиўи жобаластырылған.
«Жаңадан қурылатуғын көпир ҳәм сол көпирге шекемги болған 10 километрге шамалас темир жол, көпирден кейинги 60 километрден аслам болған темир жол қурылғаннан соң алдынғы 240 километр артықша ҳәрекетлениўдиң алды алынады. Автомобиль ҳәм темир жол жөнелисинде тасылып атырған жүклердиң мәнзилге жетип барыў ўақты 6 саатқа қысқарады.
Сондай-ақ, бул көпир арқалы өтип атырған жүклердиң жыллық нәтийжелилиги 150 миллиард сумға шамалас болады – сонша қәрежетлердиң үнемлениўи күтилмекте. Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы темир жол арқалы тасылып атырған жүклердиң орташа көлеми 12 миллион тоннаны қурап атырған болса, көпир және темир жол қурылғаннан кейин жүклер көлеми жойбардың өзин ақлаў мүддетине жетип барғанға шекем 20-25 миллион тонна дөгерегинде болады.
Президент бул қурылысты январь айынан баслаў ҳаққында тапсырма берли ҳәм буның ушын зәрүр болған қаржылар да ажыратылды», - деген Ҳ.Ҳосилов.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz