Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.12.2020 13:44
  • 662

Нөкис қаласы ҳәкимлиги көшпели қабыллаўдағы мүрәжат бойынша «Нәўбәҳәр» МПЖ аймағына таза трансформатор орнатып берди

Нөкис қаласы ҳәкимлиги көшпели қабыллаўдағы мүрәжат бойынша «Нәўбәҳәр» МПЖ аймағына таза трансформатор орнатып берди
Нөкис қаласы «Нәўбәҳәр» МПЖ аймағындағы 39-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде қала ҳәкимлиги тәрепинен көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында қала ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Қабыллаў даўамында Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары – Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы А.Бекмуратовқа усы аймақ пуқаралары бир неше машқалалар менен мүрәжат етти. Онда тийкарынан электр бағаналарын тазасына алмастырыў, аймаққа дәрихана, шаңарақлық поликлиника шөлкемлестириў, турақлы жумыс орны менен тәмийинлеў, көшелерди жақтыландырыў мәселелери орын алды.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги көшпели қабыллаўдағы мүрәжат бойынша «Нәўбәҳәр» МПЖ аймағына таза трансформатор орнатып берди
Бул мүрәжатлардың ҳәр бирин тез күнлерде үйренип шығып, әмелий илажлар көриў бойынша тийисли тараў қәнигелерине тапсырмалар берилди.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги көшпели қабыллаўдағы мүрәжат бойынша «Нәўбәҳәр» МПЖ аймағына таза трансформатор орнатып берди
Өткен қабыллаўларда усы аймақта халық санының көбейиўи нәтийжесинде электр энергиясына болған талап артып, аймақ турғынлары Нөкис қаласы ҳәкимлигине қосымша трансформатор орнатып бериўде әмелий жәрдем сораған еди. Бул мәселе бүгинги күнде өзиниң унамлы шешимин тапты. Жергиликли бюджет есабынан қуўатлылығы 250 кВА болған таза трансформатор сатып алынып, ҳәзирги ўақытта орнатыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз