Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.12.2020 14:17
  • 801

Кегейлиде мектептиң көмирин сатпақшы болған директор орынбасары усланды

Кегейлиде мектептиң көмирин сатпақшы болған директор орынбасары усланды
Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 39-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының хожалық ислери бойынша орынбасары А.Б. мектеп резервиндеги көмир брикетлерин сатып атырғанда усланды.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң ҚР Кегейли районлық бөлими ҳәм районлық Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда райондағы 39-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының хожалық ислери бойынша орынбасары А.Б. мектеп резервиндеги көмир брикетлерин қалтасына 10 мың сумнан есаплап, улыўмалық салмағы 1 тонна болған 30 қалта көмир өнимлерин сатып атырғанда айғақлы затлар менен усланды.

«Өзбек көмир тәмийнаты» ЖШЖның ҚР филиалының берген мағлыўматларына қарағанда, 1 тонна көмирдиң мәмлекетлик баҳасы 412 500 сум болып, директор орынбасары А.Б.ның ҳәрекетлеринде мектеп мүлкине аз муғдарда зыян жеткериў белгилери анықланған.

Ҳәзирги ўақытта сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған