Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.12.2020 16:24
  • 852

Белсенди жаслар сыйлықланатуғын «Хошамет-2020» салтанатлы илажы қашан болып өтетуғыны мәлим болды. Номинациялар қандай?

Белсенди жаслар сыйлықланатуғын «Хошамет-2020» салтанатлы илажы қашан болып өтетуғыны мәлим болды. Номинациялар қандай?
Усы жылдың 19-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен «Хошамет-2020» сыйлықлаў салтанаты болып өтеди. Бул ҳаққында бизге басқарманың хабар ҳәм медиа бойынша қәнигеси Индира Мәмбетназарова мәлим етти.

Илажда талабанлар елимизде жаслар сиясатын әмелге асырыўда, өз хызмет ўазыйпасын орынлаўда пидайылық көрсетип, жоқары нәтийжелерге ерисип ҳәм жәмийетте айрықша ҳүрметке ийе, Жаслар ислери агентлиги мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда белсендилик көрсетилгенлигине қарап 20 номинация бойынша сыйлықланады:

- «Жылдың ең белсенди жаслар устазы»
- «Жылдың ең белсенди ҳәкими»
- «Жылдың ең белсенди районлық, қалалық Сәрдарлар Кеңеси»
- «Жылдың ең белсенди бирге ислесиўши шөлкеми»
- «Жаслар турмысын сәўлелендириўдеги белсендилиги ушын»
- «Жылдың ең белсенди жаслар мәселелери бойынша ҳәким орынбасары»
- «Жылдың ең белсенди Жаслар агентлиги қалалық, районлық бөлими»
- «Жылдың ең белсенди қосықшысы»
- «Жылдың ең белсенди жаслар жетекшиси»
- «Меҳир-мүриўбет тымсалы»
- «Жыл идеясы»
- «Жыл волонтёры»
- «Жылдың ең белсенди жас исбилермени»
- «Жылдың ең куўнақ ҳәм зийрек жаслары»
- «Жылдың ең белсенди клипмейкери»
- «Қарақалпақ миллий аяқ-ойынларын дүньяға танытыўдағы белсендилиги ушын»
- «Жыл белсендиси»
- «Жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыўдағы белсендилиги ушын»
- «Жыл пидайылары»
- «Жылдың ең талантлы жасы».

Номинациялар бойынша жеңимпаз болғанларға Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының арнаўлы дипломы, статуэтка ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылады.

Илажда креатив декорациялар, сахналық шығыўлар ҳәм кеўилге қонымлы қосық, намалардан ибарат тәкирарланбас концерт бағдарламасы бәршеге хош кейпият бағышлайды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында