Бүгин Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятын байланыстыратуғын қос көпирдиң қазығын қағыў илажы болып өтти. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.Илажға Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң биринши орынбасары А.Раматов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Хорезм ўәлаяты ҳәкими Ф.Ерманов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Басланып атырған қурылыстың сәтли болыўы ҳәм халқымыздың аманлығы ушын қан шығарылып, қуран оқылды.
Жаңа көпирдиң қазығын қағыўды Қарақалақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов баслап берди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятын байланыстыратуғын жаңа көпир Әмиўдәрья районына өтиў ушын қурылған понтон көпирдиң жанынан қурылады. Әмиўдәрьядан өтиўши бул понтон көпир 1980-жылы қурылған еди.
Узынлығы 413 метрге тең болатуғын жаңа көпир арқалы ҳәм автомобиль жолы, ҳәм темир жол өтиўи жобаластырылған. Қурылыс жумыслары шеңберинде Шовот районынан Қараөзек районына шекем 79 километрлик темир жол қурылысы да нәзерде тутылған.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz