Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.12.2020 11:23
  • 913

Инклюзив билимлендириў бағдарында Франция институты менен бирге ислесиў жолға қойылады

Инклюзив билимлендириў бағдарында Франция институты менен бирге ислесиў жолға қойылады
22-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстанның Франциядағы елшиси Сардор Рустамбаев пенен ушырасыў болып өтти.
Инклюзив билимлендириў бағдарында Франция институты менен бирге ислесиў жолға қойылады
Ушырасыўда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Франция Оқытыў ҳәм илимий изертлеў бойынша жоқары миллий институты (INSHEA) менен илим ҳәм билимлендириў бағдарында бирге ислесиў, профессор-оқытыўшылар, илимий излениўшилер ҳәм студентлерди өз ара алмасыў арқалы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, биргеликте сабақлық ҳәм оқыўлық қолланбалар жаратыў және илимий конференциялар шөлкемлестириў мәселелери додаланды.
Инклюзив билимлендириў бағдарында Франция институты менен бирге ислесиў жолға қойылады
- Институтымыз имканияты шекленген балалар ҳәм жасларға билим бериў мәселелери менен шуғылланады. Бул бойынша бизиң институтымыз басшылығында арнаўлы шөлкем жумыс алып бармақта. Алдағы ўақытлары бул бағдардағы тәжирийбелеримизди сизлер менен бөлисиўге, сизлердеги тәжирийбелерди де үйрениўге таярмыз, - деди Франция Оқытыў ҳәм илимий изертлеў бойынша жоқары миллий институты (INSHEA) директоры, доктор Жак Микулович видеоконференц байланыс тәризинде өткерилген ушырасыўда.
Инклюзив билимлендириў бағдарында Франция институты менен бирге ислесиў жолға қойылады
Ушырасыўда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Франция Оқытыў ҳәм илимий изертлеў бойынша жоқары миллий институты (INSHEA) арасында инклюзив билимлендириў бағдарында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.

Илажда Өзбекстанның Франциядағы елшиси Сардор Рустамбаев Францияның билимлендириў системасының өзине тән өзгешеликлери, соңғы жыллардағы илимий жетискенликлери ҳаққында мағлыўматлар берди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған