Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.12.2020 12:59
  • 837

Почта байланыс бөлиминде заманагөй мǝмлекетлик хызметлер көрсетиў жолға қойылды

Почта байланыс бөлиминде заманагөй мǝмлекетлик хызметлер көрсетиў жолға қойылды
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 5-октябрьдеги ПҚ-6079-санлы Пәрманы менен физикалық ҳǝм юридикалық тǝреплерге интерактив мǝмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда қолайлықлар жаратыў мǝселеси белгиленген. Усы мүнǝсибет пенен Бозатаў районындағы «ϴзбекстан почтасы» АЖ Қарақалпақстан филиалына қараслы «Қазанкеткен» почта байланыс бөлиминде «Санлы ϴзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде 15 түрдеги мǝмлекетлик электрон хызметлерин көрсетиў жолға қойылыўына байланыслы салтанатлы ашылыў мǝресими болып өтти.
Почта байланыс бөлиминде заманагөй мǝмлекетлик хызметлер көрсетиў жолға қойылды
Илажға район ҳǝкими орынбасары, мǝлимлеме технологиялары ҳǝм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ҳǝм «Ўзкомназорат» Қарақалпақстан Республикасы аймақлық инспекциясы, сондай-ақ, райондағы бир қатар мәкеме-шөлкемлер ўǝкиллери қатнасты.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында