Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «Мүлк ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң кепилликлери буннан былай да күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға қол қойылды.
Усы тийкарда, 2 нызам ҳәм 1 кодекске өзгерис және қосымшалар киргизилген.
«Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгериске муўапық, буннан былай ўәлаят, район, қала ҳәкими нызамда нәзерде тутылған жағдайларда кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, дийқан хожалықлары ҳәм пуқараларға ийелик етиў, пайдаланыў ушын ижараға жер бериўге, усы субъектлердиң жерге ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыўға болған ҳуқықын бийкар етиўге ҳақылы екенлиги белгиленген (алдын ҳәкимлер усы субъектлердиң жерге ийелик етиў ҳәм жерден пайдаланыў ҳуқықын тоқтатып қойыўға да ҳақылы болған).
Нызам тийкарында, Жер кодексине де мүлк ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге бағдарланған бир қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген. Атап айтқанда, кодекстен Министрлер Кабинетиниң ўәлаятлар, Ташкент қалалық ҳәм район (қала)лық мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жер участкаларына болған мүлк ҳуқықын белгиленген тәртипте бийкар етиў және жерлерди алып қойыў менен байланыслы ўәкилликлери алып тасланған.
Сондай-ақ, усы кодекске киргизилген өзгериске муўапық, жер участкасына ийелик етиў ҳуқықын ямаса жер участкасынан турақлы яки ўақытша пайдаланыў ҳуқықын тоқтатыўдың суд тәртибинде әмелге асырылыў жағдайлары белгилеп қойылған (алдын жер участкаларына ийелик етиў ямаса жер участкасынан пайдаланыў ҳуқықын тоқтатыў барлық жағдайларда ҳәкимликлердиң қарарлары яки Министрлер Кабинетиниң қарары менен әмелге асырылған).
Нызамға муўапық, «Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамға:
- мәмлекетлик уйымның мүлк ийесиниң мүлкин тиккелей алып қойыўға бағдарланған қарары, соның ишинде, жер участкасын алып қойыў ҳаққындағы қарары мүнәсибети менен мүлк ҳуқықының бийкар етилиўи мүлк ийесиниң разылығы менен нызамда белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы;
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ямаса район (қала)лық ҳәкимликлериниң алып қойылып атырған жер участкасында орналасқан көшпес мүлк объектлерин бузып таслаў ҳаққындағы қарары тек ғана әдиллик уйымларының унамлы шешими болғанда қабыл етилиўи;
- мүлкти мәмлекетлик ийеликтен шығарыў ҳәм меншиклестириў нәтийжелериниң қайта көрип шығылыўына және бийкар етилиўине жол қойылмаўына байланыслы қағыйдалар киргизилди.
Нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz