Өзбекстанда «UzAuto Motors» және жаңа жети компания тәрепинен ҳәр қыйлы маркадағы жаңа автомобильлер ислеп шығарылыўы жобаластырылмақта. Бул ҳаққында Президенттиң 2021-2023-жылларға арналған Инвестициялық бағдарламасында атап өтилген.
Онда белгилениўинше, 2021-жылы тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери арқалы әмелге асырылатуғын жойбарлардың мәнзилли бағдарламасын муўапық төмендегилер:
- «Navoi-Motors» ХК (пикап, киши жүк машиналары, минивен, жол таңламас, электромобиль, тракторлар) – 2020-2021-жылларға арналған Австрия компаниясы менен биргеликтеги, сырт ел инвестициясының улыўмалық муғдары 12 млн доллар болған жойбар;
- «Манас авто-саноат» ЖШЖ (жүк машиналары) – 2021-жылы иске түсирилиўи күтилип атырған Түркия компаниясы менен биргеликтеги, сырт ел инвестициясының улыўмалық муғдары 8 млн доллар болған жойбар;
- «Namangan Changan motors» ЖШЖ (жеңил автомобильлер) – 2021-жылы иске түсирилиўи күтилип атырған БАӘ компаниясы менен биргеликтеги, сырт ел инвестициясының улыўмалық муғдары 2 млн доллар болған жойбар;
- «ADM Jizzakh» ЖШЖ (Lada, Kia, Renault) – 2021-2022-жылларда иске түсирилиўи күтилип атырған Корея эксимбанки қатнасыўындағы, сырт ел инвестициясының улыўмалық муғдары 43,3 млн доллар болған жойбар;
- «Auto Motors Asia» ЖШЖ (кроссоверлер, жүк автомашиналары, микроавтобуслар) – 2021-2022-жылларда иске түсирилиўи күтилип атырған Қытай компаниялары менен биргеликтеги, сырт ел инвестициясының улыўмалық муғдары 10,5 млн доллар болған жойбар;
- «Аббос-Эко Агро» ЖШЖ (жеңил автомобиль, минивен, киши жүк автомобильлери) – 2021-2023-жылларда иске түсирилиўи күтилип атырған Қытай компаниясы менен биргеликтеги, сырт ел инвестициясының улыўмалық муғдары 10 млн доллар болған жойбар;
- «Hyundai Motor Uz Namagan» ЖШЖ (коммерциялық жүк автомобильлери) – Корея компаниялары қатнасыўындағы, сырт ел инвестициясының улыўмалық муғдары 200 млн доллар болған жойбар.
Сондай-ақ, 2020-2022-жылларда «UzAuto Motors»тың сырт елли шериклери менен биргеликте сырт ел инвестицияларының улыўмалық муғдары 177 млн доллар болған жойбарлар шеңберинде жаңа автомобиль модельлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жобаластырылған.
Усы жойбарлар ушын ажыратылатуғын сырт ел инвестицияларының улыўмалық муғдары 462,8 млн доллар сыпатында баҳаланбақта.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz