Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.01.2021 14:46
  • 13767

Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында

Илимниң машақатлы жолын таңлап, тәжирийбе арттырыўдан жалықпай, бәрқулла излениўде болған жас илимпазларды көрип көпшиликтиң ҳәўеси келеди. Өз тараўы бойынша жаңалық ашып, перспективалы жойбарларды ислеп, оларды әмелиятқа енгизиўдиң де жәмийет ушын пайдалы тәреплери көп.
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында
Қарақалпақстанлы илимпаз, химия илимлери бойынша философия докторы Батырбай Төрамбетов усындай жас илимпазлардың бири.

Батырбай Төрамбетов 1989-жылы 7-февраль күни Нөкис қаласында зыялылар шаңарағында дүньяға келген. 2007-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилген. Оқыўы даўамында қәбилетли студентлер ушын шөлкемлестирилген «Университет», сондай-ақ, Улығбек атындағы мәмлекетлик стипендиялардың жеңимпазы болған. Университетти табыслы питкерип, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң химия қәнигелиги бойынша магистратурасына оқыўға кирген.
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында
Б.Төрамбетов оқыў ҳәм семинар шынығыўларын жоқары кәсиплик шеберлик пенен өткериўге байланыслы жаңа педтехнология жаратқан. Ол 2018-жылдан баслап илимий басшысы, химия илимлериниң докторы, профессор Шахноза Қадирова менен биргеликте «3d-металларни 2,5-алмашинган тиадиазолнинг янги ҳосилалари билан комплекс бирикмаларини синтези, тузилиши ва хоссалари» темасында илимий изертлеў жумысларын алып барып, химия илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежесин алды.
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында
Батырбай Төрамбетовтың рентгенструктуралық анализи тийкарында мыс ҳәм кобальт металларының нитратлы, хлоридли ҳәм ацетатлы дузларының 2-амино-5-меркапто-1,3,4-тиадиазол нәтийжелери менен алынған комплекслериниң кристалл дүзилиси үйренилген және комплекслердиң молекуляр структурасының мағлыўматлары Халықаралық Кембридж структуралық мағлыўматлар базасы банкине киргизилген. Синтезленген бирикпелердиң биологиялық активлилиги үйренилип, өсимликлер ушын өсиў стимуляторлық ҳәм аўыл хожалығында пестицидлик өзгешеликлерди пайда етиўи анықланған. Ол ҳәзирги ўақытта илимий идеяларын аўыл хожалығына енгизиў ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў бойынша илимий тәжирийбелер алып бармақта. Оның усы күнге шекем 30 дан аслам, соның ишинде, 3 халықаралық ҳәм 7 республикалық көлемдеги журналларда мақала және тезислери басып шығарылған. Бир неше халықаралық ҳәм республикалық конференцияларда белсене қатнасып келмекте.
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында
2019-жыл Батырбай Төрамбетов ушын көплеген жақсы жаңалықларға толы жыл болды. Ол ITEC бағдарламасы тийкарында Ҳиндстан мәмлекетиниң «Сentral Scientific Instruments Organization» институтында шөлкемлестирилген «Management Development Program on Operation and Maintenance of Analytical Equipment» тәжирийбе арттырыў курсында оқып қайтты. Сондай-ақ, Нью Дели қаласында CSIR–Integrated skill initiative (интеграцияласқан көнликпелер басламасы) бағдарламасы тийкарында «CSIR-National Chemical Laboratory» (Миллий Химия лабораториясы) институтында шөлкемлестирилген «X-ray Crystallography» курсында табыслы қатнасты. Сондай-ақ, Россияның Светлогорск қаласында RACIRI – Summer school 2019 (Жазғы мектеп-2019) бағдарламасы тийкарында шөлкемлестирилген «Structure, Real-time Dynamics and Processes in Complex Systems» (Қурамалы бирикпелердиң реал ўақыттағы динамикасы, структурасы ҳәм процесслери) атамасындағы илимий конференцияда өз баянаты менен қатнасты.

Жас илимпаздың мийнетлери, илим жолындағы мақсетли ҳәрекетлери қоллап-қуўатланып, 2019-жылы «Президент саўғасы» сыпатында Ташкент қаласынан турақ жай менен тәмийинленди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

    2024-жыл 1-февраль күнги ӨРН-901-санлы Нызамға бола, педагогдың кәсиплик искерилигине араласыў, оның хызметин тийкарсыз түрде тексериў,