Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.01.2021 16:19
  • 817

Қарақалпақстанда питкериўшилери жоқары оқыў орынларына кирмеген мектеплер ҳаққында мағлыўмат берилди

Қарақалпақстанда питкериўшилери жоқары оқыў орынларына кирмеген мектеплер ҳаққында мағлыўмат берилди
ӨзР Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов өз каналында Өзбекстан бойынша мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлерин жәриялады.
Қарақалпақстанда питкериўшилери жоқары оқыў орынларына кирмеген мектеплер ҳаққында мағлыўмат берилди
Мәлим болыўынша, Қарақалпақстан Республикасында питкериўшилери жоқары оқыў орынларына кирмеген мектеплер улыўма мектеплердиң 9,0% ин (қызыл) қураған. 35,3% мектептиң 10% ке шекем, 47,7% мектептиң 30% ке шекем, ал қалған 8,1% мектептиң 30% тен аслам питкериўшилери жоқары оқыў орынларының студенти болған.

Ш.Шерматов графикте көрсетилген тойғын қызыл реңдеги (0%) ҳәм қызыл реңдеги (10% ке шекемги көрсеткишке ийе) мектеплер ушын быйыл үлкен сынақ жылы болатуғынлығын атап өткен.

«Сонлықтан, усы мектеплер жәмәәти бирлесип нәтийжеге ҳәрекет етиўи зәрүр! Бурынғыдай, биз кетсек, орнымызға муғаллим табылмайды деп ойлаў пуш қыялдан басқа нәрсе емес», - деп жазды Халық билимлендириў министри.

Мәлим етилиўинше, министрлик, ўәлаят ҳәм районлық бөлимлердиң хызметкерлери буннан былай тек ғана қызыл (10% ке шекемги көрсеткишке ийе) мектеплерге барып, олардағы жағдайды жақсылаў бойынша ислейди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында