Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.01.2021 13:15
  • 773

Аномал суўық қашанға шекем даўам етеди?

Аномал суўық қашанға шекем даўам етеди?
«Өзгидромет» баспасөз хызметиниң «Kun.uz»ға мәлим етиўинше, 9-12-январь күнлери республикамызда ҳаўаның температурасы әсте-ақырын жылый баслайды. Бунда түнде 2 градус суўықтан 3 градус жыллы, күндиз болса 5-10 градус жыллыға шекем көтерилиўи күтилмекте.

Соңғы 10 күндеги суўық ҳаўа райын Сибирь аймақларындағы суўық антициклон перифериясы белгилеп бермекте. Бунда оғада жоқары басымдағы майдан аномал суўық ҳаўаны алып келди.

Бул ўақытлары түнде 5-10 градус, арқа ҳәм шөл зоналарында 12-17 градусқа шекем суўық температура бақланбақта. Күнди 0-5 градус әтирапында болмақта.

«Бул – орташа көп жыллық нормалардан 10-12 градусқа төмен болып есапланады. Орташа көрсеткишлерден төмен ҳаўа температурасы үзликсиз түрде 10 күн даўам етип атырғаны себепли бул аномал болып табылады», - деген «Өзгидромет» қәнигеси.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...