Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.01.2021 16:17
  • 828

Шеклеўлер 1-февральға шекем узайтылды – Республикалық арнаўлы комиссияның қарары

Шеклеўлер 1-февральға шекем узайтылды – Республикалық арнаўлы комиссияның қарары
Соңғы айларда айрым сырт мәмлекетлерде, соның ишинде, Уллы Британия, Италия, Дания, Австрия, Австралия, Нидерландия ҳәм Қубла Африка Республикасында жаңа коронавирус инфекциясы анықланыўы жағдайлары кескин артып кеткенлиги себепли усы мәмлекетлердеги эпидемиологиялық жағдайды есапқа ала отырып айрым Европа ҳәм басқа мәмлекетлер тәрепинен эпидемиологиялық жағдайды қурамаластырмаў мақсетинде жоқарыдағы мәмлекетлер менен халықаралық авиарейслерди шеклеў бойынша қарарлар қабыл етилген еди.

Атап айтқанда, елимиздеги эпидемиологиялық турақлылықты сақлап қалыў, коронавирус инфекциясы тарқалыўының жаңа ошақлары пайда болыўына жол қоймаў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссияның қарары менен, 2020-жыл 21-декабрь сәнесинен 2021-жыл 10-январьға шекем Уллы Британия, Италия, Дания, Австрия, Австралия, Нидерландия ҳәм Қубла Африка Республикасы мәмлекетлери менен халықаралық авиарейслер (кириў, шығыў ҳәм транзит рейслер арқалы республикаға кириў) тоқтатылған еди.

Ҳәзирги ўақытқа шекем жоқарыда атап өтилген мәмлекетлерде эпидемиологиялық жағдайдың қурамалылығы сақланып қалынғаны себепли 2021-жыл 10-январьға шекем киргизилген шеклеў мүддети Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында усы жылдың 1-февралына шекем узайтылды.

Еслетип өтемиз, Уллы Британия, Италия, Дания, Австрия, Австралия, Нидерландия ҳәм Қубла Африка Республикасы мәмлекетлеринде соңғы 14 күн даўамында болған адамлар жоқарыдағы шеклеў әмел еткен дәўирде Өзбекстан Республикасына киргизилмейтуғынлығы белгиленген.

Сондай-ақ, соңғы 14 күн даўамында Уллы Британия, Италия, Дания, Австрия, Австралия, Нидерландия ҳәм Қубла Африка Республикасы мәмлекетлеринде болған болып, үшинши мәмлекетлер арқалы Өзбекстанға кирип киятырған Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған адамлар 14 күн даўамында ўақытша карантинде сақлаў комплексинде ямаса тийисли мийманханада карантинге алыныў тәртиби даўам еттириледи.

Бул енгизилип атырған шеклеўлер усы мәмлекетлердеги эпидемиологиялық жағдай турақлыласыўы менен басқышпа-басқыш бийкар етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў