Көпшилик абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары және жоқары оқыў орынлары ректорларының мүрәжатларын есапқа алған ҳалда 2021-жыл 20-январь төмендеги абитуриент ҳәм студентлерге:
- бакалавриат ҳәм магистратураға төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилгенлер;
- бакалавриат ҳәм магистратураға дифференциалластырылған (еселенген, яғный «супер контракт») төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилгенлер;
- оқыўы көширилген (көширип тикленген) ҳәм қайта тикленген студентлерге;
- сырт ел пуқарасы сыпатында студентликке усыныс етилген абитуриентлерге төлем суммасын өткериў ҳәм студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети етип белгиленди.
Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz