Өткен әсирдиң 50-60-жыллары республикамызда илимий атаққа ийе, ҳәтте жоқары мағлыўматлы жетик маман кадрлардың өзи санаўлы ғана болғанлығын тарийхтан жүдә жақсы билемиз. Лекин, ўақыт өтип республикамызда жоқары оқыў орынлары санының көбейиўи менен түрли тараўларда бир қатар илим кандидатлары, докторлары санының бираз артқанын, олар таярлаған шәкиртлери, оқытқан оқыўшылары болса бүгин елимизге белгили инсанлар болып жетискенлигин көремиз.
Әсиресе, ғәрезсизлик дәўиринде республикамызда экономика, медицина, филология, тарийхтан баслап санай берсең ҳәр бир қурамалы тараўларда бир қанша илим кандидатлары, докторлары жетилисип шығыўы көзди қуўандырады, әлбетте. Усындай өз өмирин илимге бағышлаған илим ғайраткерлериниң илимий мийнетлери республикамыздың ҳәр тәреплеме алға илгерилеўине жумсалмақта.
Өткен еки-үш жылдың өзинде республикамыздың бир қатар жас илимпазлары өзлериниң илимий жумыслары нәтийжесинде илим докторлары дәрежесине ерискенлигиниң талай гүўасы болдық. Олар арасында ӨзР ИИМ Қарақалпақ академиялық лицейи директорының орынбасары, подполковник Сапарбай Алламбергенов Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер органларының хызметкерлери арасында бириншилерден болып юридика илимлери бойынша философия докторы дәрежесине жетискенлигин атап өтсек болады.
Бүгин биз және бир хош хабарды еситип, қуўанышқа бөлендик. Себеби, шымбайлы қарақалпақ жигити, әскерий хызметкер, подполковник Дәўлетмурат Жақсымов әскерий илимлер бойынша Қарақалпақстанда бириншилерден болып «Әскерий байланыс системасы ҳәм оның қурамлық компонетлерин жетилистириў» атамасында әскерий илимлер бойынша философия докторы диссертациясын табыслы жақлап шықты. Әскерий илимлер бойынша Қарақалпақстанда бириншилерден болып бундай илимий атаққа ийе болыў өзлигинен болмаса керек, әлбетте. Оның артында қанша мийнет, изленислер бар.
1978-жылы Шымбай районының бүгинги «Қамысарық» аўыллық пуқаралар жыйынында педагоглар – Қарақалпақстан халық муғаллими Базарбай аға ҳәм физика-математика муғаллими Саятхан апалардың шаңарағында туўылған Дәўлетмурат 1996-жылы Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигине қараслы Ташкент электротехника байланыс институтына оқыўға кирип, усы оқыў дәргайын 2001-жылы питкерди ҳәм Қорғаныў министрлигиниң әскерий бөлимлеринде топар командири лаўазымынан штаб баслығына шекемги ҳәр қыйлы лаўазымларда нәтийжели хызмет етти.
Арадан он жыл өтип Дәўлетмурат өз билимин еле де жетилистириў мақсетинде он жыл ишинде топланған тәжирийбе, билими арқасында 2011-жылы ӨзР Қураллы Күшлери академиясына оқыўға түсип, бул дәргайды да 2013-жылы табыслы питкерип шықты. Тәжирийбели, талапшаң кадр Қорғаныў министрлиги басшылығының нәзерине түсип, ол кейинги хызмет жолында усы министрликтиң әскерий бөлимлеринде ҳәр қыйлы жуўапкершиликли ўазыйпаларды минсиз атқарып келди. Хызмети барысында Дәўлетмурат 2016-жылы Германия мәмлекетиниң Гамбург қаласындағы Бундесвер (Қураллы Күшлер) Академиясында тәжирийбе алмасыўда илимий-методикалық конференцияға қатнасып, билимин жетилистирип қайтты. Илимге болған қуштарлығы оны және де алға талпындырып, өзи хызмет етип атырған әскерий тараўы бойынша илимге жаңалық киргизиўди алдына мақсет етти.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күннен-күнге раўажланып атырған технологиялар әсиринде байланыс қураллары, компьютер технологиялары, әсиресе, азғана ўақыт аралығында күнделикли өмирге жүдә сиңисип кеткен санлы техникаларсыз өмиримизди көз алдымызға келтире алмайтуғын дәрежеге жетистик. Бул жаңаланыўларды басқа тараўлар сыяқлы әскерий тараўға да өз ўақтында енгизип барыў бүгинги күн талабы болып атыр. Усыны жақсы түсинген Дәўлетмурат оқыған тараўы бойынша изленисте болып, илимий жумыс алып барыўды, кейин ала бул бағдарда докторлық диссертациясын жақлаўды нийет етти. Оның бул мақсетин билген устазлары, полковниклер М.Қутлымуратов, М.Сапаров, техника илимлериниң кандидаты, профессор А.Тўлагановлар Дәўлетмуратты қоллап-қуўатлап, билгенлерин үйретти, нәтийжеде генерал-майор А.Шишлянников, әскерий илимлер кандидаты, подполковник А Негриенколардың илимий басшылығында 2020-жылы 25-ноябрь күни нийети жолдасы болып, әскерий илимлер бойынша философия докторы илимий дәрежесине еристи.
Бүгинги күнде ӨзР Қорғаныў министрлиги мәлимлеме-коммуникациялық технологиялар ҳәм байланыс әскерий институты кафедраларының бирине басшылық етип киятырған Дәўлетмурат Жақсымов өзи де устаз атанып, елимиз Қураллы Күшлерине ҳәр тәреплеме билимге ийе жетик кадрларды таярлаўда салмақлы үлес қоспақта. Оның Қураллы Күшлердеги көп жыллық мийнетлери елимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, бир неше мәртебе ӨзР Қураллы Күшлериниң ҳүрмет жарлығы, алғыснамалар, соның менен үш мәртебе Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң қабыл етилген күнине, сондай-ақ, ӨзР Қураллы Күшлери дүзилгенине 20 жыл толыўы мүнәсибети менен көкирек нышанлары менен сыйлықланды.
Бизде өз гезегинде подполковник Дәўлетмурат Жақсымовтың алдағы хызметлерине, илимий жумысларына табыслар тилей отырып, 14-январь – Өзбекстан Республикасы Ўатан қорғаўшылары күни байрамы менен қутлықлаймыз.
ӨМИРБЕК ЕРМАНОВ,
журналист.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz