Соңғы ўақытларда социаллық тармақларда пуқаралар арасында Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суўы баҳасының көтерилиўи менен байланыслы наразылықлар жийи түрде билдирилмекте. «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ мәлимлеме хызмети пуқаралар тәрепинен «Ишимлик суўы баҳасы не ушын Ташкентте арзан, Қарақалпақстанда қымбат?» мазмунындағы билдирилип атырған пикирлерге түсиник берип өтти.
Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суўын жеткерип бериў жағдайы ҳаққындаҚарақалпақстан Республикасының тийкарғы ишимлик суў дәреги Әмиўдәрья болып табылады. Әмиўдәрья суўының ылайлылығы қыс айларында орташа 1 литр ағын суўда 200 мг/дм куб, бәҳәр-жаз айларында болса 5000 мг/дм кубты қурайды.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик стандарты ишимлик суўының гигиеналық талапларын ҳәм сапасын қадағалаў бойынша OʻzDST 950-2011 нормативине муўапық, ишимлик суўының ылайлылық дәрежеси 2 мг/дм куб деп белгилеп берилген. Өз нәўбетинде, дәреклердеги суў ишимлик суўы ретинде тутыныўшыларға жеткерип берилемен дегенше бир қанша технологиялық басқышлардан өтип, қайта исленеди. Яғный, дәрья бойынан насос агрегатлары жәрдеминде суў дәрегинен суўды алып, арнаўлы вертикал, горизантал суў тындырғышларында тындырылады ҳәм ылайлылық дәрежисиниң жоқары болыўына байланыслы тындырыў процесин тезлестириў мақсетинде жергиликли базарларда ушыраспайтуғын коагулянт бирикпеси қосылады. Буннан кейин фильтрлеў станциялары арқалы өтип, таза суў резервуарларына жыйналады. Буннан соң хлор бирикпеси жәрдеминде патоген микро организмлерден тазаланып, таза суў резервуарларында жыйналады. Бул жыйналған ишимлик суўын үлкен қуўатлылықтағы насос агрегатлары жәрдеминде магистрал суў трубалары арқалы районлардағы қурылмаларға, районлардағы ишки суў тармақлары арқалы киши көлемдеги суў объектине жеткерип бериледи. Сондай-ақ, бул сооружениелерде қайта хлорлаў басқышынан өткериледи.
Атап айтқанда, «Түйемойын» суў тазалаў қурылмасы (қуўатлылығы суткасына 140,0 мың метр куб) арқалы жоқарыда көрсетилген басқышлардан өткеннен соң Әмиўдәрьяның оң жағасындағы районлары, яғный Төрткул, Беруний, Елликқала, Әмиўдәрья, Нөкис, Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларына ҳәм Нөкис қаласына узынлығы 356 км, Д=1000-1400 мм болған «Түйемойын-Нөкис-Тахтакөпир» магистрал суў трубалары арқалы ишимлик суўы жеткерип бериледи. Ишимлик суў жеткерип бериў бийиклиги 220 метрди қурайтуғын «Султанўайстаў» таў дизбеги арқалы өткерилип әмелге асырылады.
Жоқарыдағылардан мәлим болғанындай, суў тазалаў қурылмасында тазалаў процеси бир неше басқыштан ибарат болып, оларға жумсалатуғын реагентлер, сондай-ақ, қурылмадан ишимлик суўын жеткерип беретуғын районлар ара қашықлықларын ҳәм жумсалатуғын электр энергиясы, хызмет көрсетиўдеги басқа да қәрежетлерди есапқа алып ислеп шығылған 1 метр куб ишимлик суўының өзине түсер баҳасы 2458 сумды қурайды.
Ташкент қаласындағы ишимлик суў жеткерип бериў жағдайы ҳаққындаБүгинги күнде Өзбекстан Республикасындағы ишимлик суўы ушын төленетуғын тарифтиң ҳәр ўәлаятта ҳәр қыйлы болыўына тийкарғы себеп, суў дәрегиндеги суўдың қурамы, яғный қаттылығы, ылайлылығы ҳәм тағы басқа да көрсеткишлер, оны қайта ислеўдеги процесслер есапқа алынады.
Тазаланған суўды жеткерип бериўде жердиң рельефи қанша қолайлы болса, сол дәрежеде электр энергия қәрежетлери азаяды. Яғный, ең әҳмийетлиси географиялық жайласыў жағдайы. Атап айтқанда, Орайлық Азиядағы ең ири суў қурылмаларынан болған «Қодирия» тийкарғы суў қурылмасы Ташкент қаласын ишимлик суўы менен тәмийинлейди (90%).
Бул сооружение Ташкент қаласынан 100 метр бийикликте жайласқан. Бул дегени электр энергиясы дерлик аз муғдарда сарпланады. Сондай-ақ, Ташкент қаласында 334,8 км квадрат жер майданы болып, 2,6 млн.нан аслам халық жасайды.
Яғный, Ташкент қаласында халық тығыз жайласқан болып, бул өз нәўбетинде ишимлик суўын жеткерип бериў ушын, қосымша жеткерип бериўши суў қурылмасын талап етпейди. Сонлықтан, ишимлик суўының өзине түсер баҳасы аз есапланады.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz