Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.02.2021 16:39
  • 707

Пәнлерден өз ўақтында баҳа алмаған студентлер ушын үшинши семестр шөлкемлестириледи

Пәнлерден өз ўақтында баҳа алмаған студентлер ушын үшинши семестр шөлкемлестириледи
Жоқары оқыў орынларында оқыў процесин кредит-модуль системасында шөлкемлестириў жумыслары 2020-2021-оқыў жылынан баслап енгизилмекте.

Баслы өзгерислер – алдын оқыў ҳәптелери 38-40 ҳәпте дөгерегинде болған болса, кредит-модуль системасы енгизилгеннен соң бул мүддет 36 ҳәптеге түсти. Әпиўайыластырып айтқанда, академиялық сабақ процесслери 10 айдан 7,5-8 айға түсирилди.

Студентлер бир семестрде 15 ҳәпте оқыйды. Егер бир семестрге 18 ҳәпте ажыратылған болса, оның еки ҳәптеси студентлер ушын өзлестирилмеген пәнлерин өзлестириўге, және бир ҳәптеси жаңа пәнлер ҳәм оқытыўшыларды сайлаўға сарпланады.

Және бир әҳмийетли тәрепи – үшинши, жазғы семестр де қосылған. Бул – дем алыс дәўирине туўра келеди ҳәм студентлердиң арзасына муўапық, пәнлерден баҳа алмағанлар ушын шөлкемлестириледи. Үшинши семестр ушын арза берген студентлер белгиленген тәртипте қосымша қаржы төлейди.

Ҳәзирше бул система бойынша сораўлар келип түспекте, бирақ үш жылдан соң ҳәмме усы системаға толық үйрениседи, - деп айтып өтти МҒКАда болып өткен баспасөз конференциясында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы А.Холиқов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы