Telegram karinform

Спорт

  • 02.02.2021 13:24
  • 1093

Дуатлон спорты бойынша Қарақалпақстан кубогы жарысы болып өтти

Дуатлон спорты бойынша Қарақалпақстан кубогы жарысы болып өтти
Усы жылдың 30-31-январь күнлери 1998-2001-, 2002-2003- ҳәм 2004-2007-жыллары аралығында туўылған жас өспиримлер арасында дуатлон спорт түри бойынша Қарақалпақстан кубогы жарысы болып өтти.

Елимизде жүзиў, велосипед басқарыў ҳәм жуўырыў сыяқлы спорт түрлерин өз ишине бирлестирген триатлон спортын раўажландырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Триатлон федерациясы шөлкемлестирилген еди. Усы федерация басламасы менен өткерилген дуатлон бойынша Қарақалпақстан кубогы жарысы ҳәр тәреплеме күшли болған жас спортшыларды анықлаў, олардың тәжирийбесин арттырып, елимиз байрағын дүнья ареналарында желбирететуғын спортшыларды тәрбиялап шығарыў ҳәм оларды хошаметлеў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Дуатлон спорты бойынша Қарақалпақстан кубогы жарысы болып өтти
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери анықланып, оларға ҚР Триатлон федерациясы баслығы А.Камалов ҳәм федерацияның басқа ўәкиллери тәрепинен медаль, диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған