Уллы шайыр ҳәм ойшыл, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасы тек ғана халқымыздың емес, соның менен биргеликте, дүнья әдебияты тарийхында өзиниң ажыралмас орнына ийе.
Бүгин, 3-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында уллы шайыр Әлийшер Наўайының туўылғанына 580 жыл толыўы мүнәсибети менен «Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти.
Конференцияны институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Әлийшер Наўайының бай дөретиўшилик мийрасын ҳәр тәреплеме терең үйрениў, оның шығармаларын елимизде ҳәм сырт еллерде кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-октябрьдеги «Уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы туўылғанының 580 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Усы қарарда белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып шөлкемлестирилген халықаралық конференцияға Түркия, Әзербайжан, Қазақстан ҳәм республикамыздың абырайлы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан профессорлар, илимпазлар, сондай-ақ, институт студент-жаслары қатнасты.
Түркия Республикасы Ҳажы Байрам Вали университети профессоры, филология илимлериниң докторы Вели Савач Елок Әлийшер Наўайы шығармалары түрк тили ҳәм әдебиятының, соның ишинде, поэзиясының раўажланыўына үлкен үлес қосқанлығы, оның дөретпелери бурынғы Усманлылар мәмлекети ўақтында, сондай-ақ, республика болғаннан кейин де терең үйренилип, ҳәттеки бирнеше илимий мийнетлер дөретилгенин атап өтти. Өткен әсирдиң 40-жылларында Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретпелери, соңынан 60-жылларда дийўанлары ҳәм «Ҳамса» шығармасы бойынша түрк тилинде китаплар баспадан шыққаннан соң Түркияда Наўайы дөретиўшилигин үйрениў бирқанша жетилисип барды.
Әзербайжан Миллий илимлер академиясы Нызамий Ганжаўий атындағы Әдебият институты Әзербайжан-Түркменстан-Өзбекстан әдебий байланыслар бөлими баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор Алмаз Улви Биннатова Әлийшер Наўайы шығармаларының Әзербайжанда сақланып атырған қолжазба нусқалары ҳаққында мағлыўмат берди.
Конференцияда Қазақстан Республикасында хызмет көрсеткен ғайраткер, «Парасат», «Барыс» III дәрежели орденлериниң ийеси, белгили шайыр Несипбек Айтулы қазақ әдебиятының жанрлық жақтан раўажланыўында Наўайы шығармаларының тәсири жоқары болғанлығын мысаллар менен атап өтип, өзи тәрепинен қазақ тилине аўдарма исленген Наўайының «Ҳамса» дәстаны туўралы сөз етти.
Сондай-ақ, конференцияда филология илимлериниң докторы, профессор К.Қурамбаев түркмен әдебиятында Әлийшер Наўайы дәстүрлери, филология илимлериниң докторы, доцент С.Қазақбаев Әлийшер Наўайы шығармаларын қарақалпақ классларында оқытыў усыллары, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик Өзбек тили ҳәм әдебияты университети доценти, филология илимлериниң докторы Д.Юсупова Әлийшер Наўайының мусамматлары ҳаққындағы баянатлары менен шығып сөйледи.
Илажда студент-жаслар да сөзге шығып, наўайытаныўшылық тараўында әмелге асырылып атырған илимий изертлеўлер, Наўайы дөретиўшилигиниң ҳәзирги дәўир поэзиясындағы тутқан орны ҳаққындағы пикирлерин билдирип өтти.
Конференцияда Наўайы дөретпелерин мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринен баслап өтиў, мектеп сабақларында, сондай-ақ, жоқары оқыў орынларында Наўайы шығармаларын терең үйрениў ушын ажыратылатуғын саатлар санын көбейтиў арқалы үшинши ренессанстың тырнағын қуратуғын жас әўладларды тәрбиялаў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz