Telegram karinform

Сиясат

  • 10.02.2021 12:41
  • 1104

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң материаллық-техникалық базасы беккемленеди

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң материаллық-техникалық базасы беккемленеди
Усы жылдың 28-январь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Қарақалпақстан хабар агентлигиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги мәмлекетлик ҳәм республикалық әҳмийеттеги рәсмий хабарларды, жәмийетлик-сиясий турмыстағы ҳәмде барлық тараўлардағы жаңалықларды, оператив материалларды тарқатып киятырған республикамыздағы жетекши ғалаба хабар қуралларының бири.

Агентлик хызметкерлериниң еркин дөретиўшилик жумыс пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында 37 миллион сўмнан аслам қаржы ажыратылмақта.

Еслетип өтиўимиз керек, «Kknews.uz» веб-сайты агентликтиң рәсмий сайты есапланады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт