Telegram karinform

Спорт

  • 15.02.2021 11:28
  • 1216

Тарийхый нәтийже: Қарақалпақстан «Универсиада» спорт жарысларында күшли үшликтен орын алды

Тарийхый нәтийже: Қарақалпақстан «Универсиада» спорт жарысларында күшли үшликтен орын алды
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 25-октябрьдеги «Оқыўшы ҳәм студент жаслар арасында өткерилетуғын республикалық спорт жарыслары системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында киши олимпиада есапланған «Универсиада» спорт жарыслары студент жаслар арасында жаңа форматта өткерилди.

Спорт жарыслары Өзбекстанның барлық аймақларында спорт түрлери бойынша басқышпа-басқыш шөлкемлестирилди ҳәм жеңимпазлар анықланды.

Қуўанышлы тәрепи, улыўма 12 спорт түринен өткерилген киши олимпиадада Қарақалпақстан Республикасы жәми 147 упай топлап, Өзбекстан аймақлары арасында улыўма командалық есапта 2-орынды ийеледи.

Атап айтқанда, баскетбол ҳаял-қызлар командасы ҳәм волейбол ҳаял-қызлар командасы ағзалары барлық қарсыласларын жеңип, 1-орынды ийелеген болса, республикамыздың бадминтоншылары, сондай-ақ, баскетбол бойынша еркеклер командасы сыйлы 2-орынды бәнтледи. Ал еркеклер волейбол сайланды командасы жарысларда 3-орынды ийеледи.

«Универсиада» спорт жарысларында жеңил атлетика ҳәм миллий гүрес бойынша тарийхый нәтийжелер қолға киргизилди. Яғный, жеңил атлетика бойынша өткерилген жарысларда республикамыз сайланды командасы ағзалары 6 гүмис, 8 бронза медалын қолға киргизген болса, жақында болып өткен миллий гүрес бойынша жарысларда палўанларымыз 1 алтын, 2 гүмис ҳәм 4 бронза медалын жеңип алған еди.

Республикамыз сайланды командасының бундай нәтийжелерди қолға киргизиўинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Өзбекстан дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы ҳәм басқа да жоқары оқыў орынлары студентлериниң үлеслери айрықша болды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында