Усы жылдың 15-февраль күни социаллық тармақларда:
«Министрлер Кабинетиниң «Реңи өзгертилген (қарайтылған) айналы жеңил автотранспорт қуралларынан пайдаланыўды тәртипке салыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, «тонировка» баҳалары артқы айна (лобовой) ушын бийпул, артқы қаптал айна ушын болса төмендегише баҳалар белгиленеди:
- физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге – базалық есаплаў муғдарының 5 есеси (1 миллион 115 мың сум);
- сырт мәмлекетлердиң юридикалық тәреплерине – базалық есаплаў муғдарының 20 есеси (4 миллион 460 мың сум).
Алдын бул муғдар тийисли тәртипте физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есесин қурайтуғын еди.
Алдынғы ҳәм артқы қаптал айналар ушын (барлық қаптал айналар):
- физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге – базалық есаплаў муғдарының 25 есеси (5 миллион 575 мың сум);
- сырт мәмлекетлердиң юридикалық тәреплерине – базалық есаплаў муғдарының 80 есеси (17 миллион 840 мың сум) етип белгиленди» мазмунындағы хабар тарқалды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 18-июльдағы «Реңи өзгертилген (қарайтылған) айналы автотранспорт қуралларынан пайдаланыўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы 547-санлы қарарының 2-бәнти «в» киши бәнтине муўапық:
«M1, N1 ҳәм N2 категориясына тийисли автотранспорт қураллары айналарының реңин өзгертиўге (қарайтыўға) рухсатнама бериў ушын төлем ставкалары:
Артқы қаптал айналар бойынша:
- физикалық тәреплер ушын – базалық есаплаў муғдарының 5 есеси;
- юридикалық тәреплер ушын – базалық есаплаў муғдарының 10 есеси;
- Өзбекстан Республикасында жумыс ислеп атырған сырт мәмлекетлердиң юридикалық тәреплери ушын – базалық есаплаў муғдарының 20 есеси;
Артқы ҳәм алдынғы қаптал айналар бойынша:
- физикалық тәреплер ушын – базалық есаплаў муғдарының 50 есеси;
- юридикалық тәреплер ушын – базалық есаплаў муғдарының 50 есеси;
- Өзбекстан Республикасында жумыс ислеп атырған сырт мәмлекетлердиң юридикалық тәреплери ушын – базалық есаплаў муғдарының 80 есеси муғдарын қурайды», - деп көрсетип өтилген.
Усы қарардың 2-бәнти «г» киши бәнтине муўапық:
- M2, M3 категорияға тийисли III класс автотранспорт қураллары қаптал айналарының реңин өзгертиўге (қарайтыўға) рухсатнама бериў ушын төлем ставкалары олардың ийелериниң ҳуқықый жағдайы есапқа алынған ҳалда усы бәнттиң «в» киши бәнтиниң үшинши абзацына муўапық белгиленеди», - деп атап өтилген.
Усы қарар талаплары ҳәзирги ўақытта әмелде болып, социаллық тармақларда тарқалған хабарлар тийкарсыз мағлыўмат болып есапланады.
Барлық рәсмий болмаған канал ийелеринен тастыйықланбаған, ҳуқықый тийкарға ийе болмаған мағлыўматларды тарқатпаўды сорап, тийкарсыз ҳәм жалған мағлыўмат тарқатқаны ушын белгиленген тәртипте жуўапкершилик мәселеси көрип шығылыўын еслетип өтемиз, деп мәлим етти ӨзР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz