Telegram karinform

Спорт

  • 20.02.2021 16:35
  • 1274

Қарақалпақстанлы боксшы Россияда болып өткен халықаралық турнирде алтын медальды қолға киргизди

Россия Федерациясының Комсомольск қаласында бокс бойынша жаслар арасында Аўған урысы қурбанлары естелигине арналған халықаралық турнир болып өтти.

Халықаралық турнирге Россия, Аўғанстан, Молдова, Польша, Беларусь, Украина ҳәм Өзбекстаннан сайланды команда ағзалары қатнасты.
Қарақалпақстанлы боксшы Россияда болып өткен халықаралық турнирде алтын медальды қолға киргизди
Жарыста +91 кг салмақ категориясында Қарақалпақстан Республикасынан болған Али Нуранов финалға шекем жетип барды. Финалда Россия Федерациясынан болған Даниил Даревшиков пенен жекпе-жекке шыққан жерлесимиз қарсыласына ҳеш қандай имканият қалдырмай, халықаралық турнирдиң жеңимпазы болды ҳәм алтын медаль менен сыйлықланды.
Қарақалпақстанлы боксшы Россияда болып өткен халықаралық турнирде алтын медальды қолға киргизди
Мағлыўмат ушын, усы халықаралық турнирде Өзбекстан сайланды командасы 3 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 бронза медалын қолға киргизди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған