Тақыятас ыссылық электр станциясында ҳәр бириниң қуўатлылығы 280 МВт болған еки пуў-газ қурылмасын қурыў бойынша инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы шеңберинде екинши пуў-газ қурылмасы толық қуўатлылыққа өткерилип, функционал сынақ жумыслары даўам еттирилмекте. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.Станциядағы қуўатлылығы 280 МВт болған биринши пуў-газ қурылмасы 2020-жылдың декабрь айында толық қуўатлылық пенен иске түсирилген еди.
Жойбардың енгизилиўи менен станцияның техникалық-экономикалық көрсеткишлери артады. Нәтийжеде 1 кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыў ушын сарпланатуғын шәртли жанармай муғдары 164,3 гр/кВт саатқа кемейеди, бул болса бир жылда 488,6 миллион куб метр тәбийғый газдиң үнемлениўине тийкар жаратады.
Заманагөй ҳәм энергонәтийжели технологиялардың иске түсирилиўи Аралбойы аймағында экологиялық жағдайды жақсылаў, тәбиятты қорғаўда да әҳмийетли болып табылады. Бир ғана суў ресурсларына болған талаптың өзи жылына 452 миллион куб метрден 159 миллион куб метрге кемейеди.
Сондай-ақ:
- атмосфераға шығарылып атырған зыянлы газлер 3,2 есеге азаяды;
- азот оксиди 3,5 есеге кемейеди;
- тийкарғы пуў газлериниң шығыўы жылына 972,22 мың тоннаға шекем азаяды.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz