Орынланбайтуғын әрман адамға қуры бас аўыры болады. Егер әрман иске асса, көрген қыйыншылықлар демде умтып болып кетеди. Жаслар да өз қызығыўшылықлары, өзлерин қыйнап киятырған машқалаларды ҳәммеге де айта бермейди. Тек ғана машқаланы шеше алатуғын адамларға айтады. Төмендеги машқалалар қаншелли дәрежеде өз шешимин табыўы ямаса керисинше болыўы бизге ҳәзирше намәлим. Деген менен, жаслардың билдирген исенимин қолымыздан келгенше ақлаўға ҳәрекет еттик.
Егер жасыүлкен ямаса орта жаслы адамлар жасларды қыйнап киятырған машқалалар, олардың пикир-усынысларын үйрениў нийетинде жаслар менен ашық сәўбетлесиў өткерсе, бул онша эффект бермеўи мүмкин. Өйткени, жаслардың ой-пикирлери, нелерди қәлейтуғынлығы ҳәм усы сыяқлы қызығыўшылықлары көбирек жаслардың өзине белгили болады. Сол себепли теңлеске-теңлес принципи бул мәселеде айрықша нәтийжелиликке ийе болады.
Қоңырат районындағы аўыл хожалық кәсип-өнер колледжи менен нефт ҳәм газ санааты кәсип-өнер колледжине Конституциямыздың 25 жыллығы мүнәсибети менен үгит-нәсият жумысларына барған Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери Бабур Камалов ҳәм Оғулнур Атаевалар колледжлерде оқып атырған студентлер менен ашық сәўбетлесиў өткерди. Оқыўшыларды қыйнап жүрген машқалаларды үйренди.
Олардың берген мағлыўматларына қарағанда, аты аталған колледж оқыўшыларының колледжге оқыўға қатнаўы үлкен машқалаға айланған. Транспорт қуралларының жетиспейтуғынлығы, суўықта машина күтип тоңып қалатуғынлығы ең баслы машқалалардың бири екен.
Сондай-ақ, колледжлердеги оқыўшылар китапханаларда көркем шығармалардың жетиспейтуғынлығы, республикалық көлемде өткерилип атырған таңлаўлар ҳаққында ҳеш жерде мағлыўмат берилмейтуғынлығы және де спорт пенен шуғылланыў ушын спорт қураллары, әсиресе, спорт топларының жоқ екенлиги, турақлы түрде спорт беллесиўлериниң өткерилмейтуғынлығын билдирип өткен. Және бир айта кететуғын жери, заманагөй информациялық билимлерге ийе болыў, компьютерде еркин ислеўди өзлестириў ушын информатика бөлмелериндеги компьютерлерден турақлы пайдаланыў шеклеп қойылған.
- Усындай шараятта оқып атырған баланың келешеги ҳаққында бир ойлап көрейик. Бул машқалалар базы биреўлер ушын әпиўайы болып сезилер. Деген менен, булардың барлығы балалардың билим алып, зәрүр көнликпелерге ийе болыўы ҳәм оларды келешекте қоллана алыўы ушын әҳмийетли, - дейди оқыўшылар менен ашық сәўбетлесиў өткерген Бабур Камалов.
Ушырасыў даўамында оқыўшылар районда орайласқан районлық китапхана дүзиў усынысын билдирген. Демек, китапқа, китап оқыўға деген қызығыўшылық бар. Жаслардың бул қызығыўшылығын қоллап-қуўатлап, олар ушын орайласқан китапхана шөлкемлестириў район жасларының билимли ҳәм келешеги уллы болыўы ушын тасланған үлкен қәдем болады.
Ислам Матеков.