Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.02.2021 16:05
  • 682

Жаслар, жумыссызлар ҳәм қыйын жағдайдағы ҳаял-қызлар ушын бийпул юридикалық-консультациялық хызметлер көрсетиледи

Жаслар, жумыссызлар ҳәм қыйын жағдайдағы ҳаял-қызлар ушын бийпул юридикалық-консультациялық хызметлер көрсетиледи
Ҳәзирги ўақытта Немис Миллий университетлер бирлеспесиниң Өзбекстандағы филиалының (DVV) қаржыландырыўы тийкарында әмелге асырылып атырған жойбар шеңберинде «Истиқболли авлод» Республикалық социаллық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен Нөкис қаласында мәлимлеме-ағартыўшылық ушырасыўлар өткерилмекте. Буннан гөзленген мақсет, халыққа консультациялық хызмет көрсетиў ҳәм жәрдемге мүтәж адамларды социаллық-юридикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, адамларға кәсиплик билим бериў ҳәм олардың жәмийетке ийкемлесиўиниң басқа жолларын тәмийинлеў, халықты социаллық-белсене жумысларға тартыў, жаслардың ҳәм халықтың социаллық басламаларын қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Жойбар шеңберинде социаллық, юридикалық ҳәм психологиялық жәрдем алыў имканияты бар. Сондай-ақ, кәсиплик билимге ийе болмаған адамларды кәсипке оқытыўдың илажлары көриледи.

Жойбардың мақсетли топарларына төмендегилер киреди:

- қыйын ҳәм жумыссыз жағдайдағы жас адамлар;
- жумыссыз ҳәм социаллық жақтан қорғалмаған ҳаял-қызлар;
- мийнет мигрантлары (кетип баратырғанлар ҳәм қайтып келгенлер);
- судланғанлар, бурын судланғанлар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары;
- халықтың социаллық жақтан қорғаўға мүтәж болған басқа топарлары.
Жаслар, жумыссызлар ҳәм қыйын жағдайдағы ҳаял-қызлар ушын бийпул юридикалық-консультациялық хызметлер көрсетиледи
Жоқарыда атап өтилген илажлар Нөкис қаласындағы Экономикалық кәсип-өнер колледжинде, «Наўрыз», «Жайҳун» ҳәм «Нәўпир» МПЖларда өткерилди.

Жойбардың мақсетли топарларына кириўши пуқаралар «Истиқболли авлод» Республикалық социаллық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминен өзлерине керекли мағлыўматларды Нөкис қаласы А.Шамуратова көшеси 86-жай (Архитектуралық институт имараты, бурынғы Республикалық китапхана) мәнзилинен яки ianukus.uz@gmail электрон почта мәнзилинен, сондай-ақ, Телеграм ҳәм ватсап мессенджерлерине жалғанған +99895 605 94 94 исеним телефонынан алыўы мүмкин. Жумыс ўақты: Дүйшембиден жума күнине шекем саат 10:00 ден 17:00 аралығы.

Барлық хызметлер бийпул көрсетиледи.

«Истиқболли авлод» Республикалық социаллық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы