Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.02.2021 17:51
  • 14996

Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады

Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады
Социаллық тармақларда Ташкент қаласына барып қәрежетсиз, көшеде баспанасыз қалған «Кегейли районы, Халқабад совхоз» деген жазыўы бар пуқара ҳаққында материаллар тарқалды.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бул бойынша тийисли үйрениў жумысларын алып барды ҳәм бул пуқараның Ерназаров Тағантурды Мамбетназарович екенлигин анықлады.

«Ҳәзирги ўақытта Т.Ерназаров Кегейли районы «Қуяшлы» МПЖ С.Сапаров көшесинде есапта турады, бирақ көрсетилген мәнзилде жасамайды. Оған 2020-жыл даўамында мәмлекет ҳәм қәўендер шөлкемлер тәрепинен бир неше мәрте материаллық жәрдем, пуқаралық паспортын алыўда, сондай-ақ, напақаға (пенсия) шығыўда әмелий жәрдем қөрсетилгенлиги мәлим болды. Т.Ерназаров таныслары жумысқа шақырғанлығы себепли Ташкент қаласына кеткен. Районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў, Ишки ислер бөлимлери биргеликте пуқара Т.Ерназаров пенен телефон арқалы байланысқанда оның жағдайының жақсы ҳәм социаллық тармақларда тарқалған мағлыўматлар жалған екенлигин, аўылға қайтыўға қәлеўи жоқлығын айтып өткенлигин мәлим етип билдиремиз», - деп жазбақта район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...