Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.03.2021 11:34
  • 1085

Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?

Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?
Көпшиликтиң хабары бар, Өзбекстан халықты коронавирусқа қарсы шаншыў мақсетинде бирнеше түрли вакциналарға буйыртпа бермекте.

Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Нурмат Отабеков Өзбекстанда халықты шаншыў процесинде адамларға вакцинаны сайлаў имканияты берилиўи ямаса берилмеўи ҳаққында «Замон» бағдарламасына мағлыўмат берди.

Отабековтың мәлим етиўинше, пуқараларды коронавирусқа қарсы шаншыў ықтыярлы екенлигин естен шығармаў керек. Яғный, бул мәжбүрий емес. Усы тийкарда адамлар қайсы вакцина менен шаншылған болса, процесс сол вакцинадан шаншыў менен жуўмақланады. Қайсы вакцинаны сайлаў имканияты да адамлардың өз ықтыярында.

- Бирақ биз, қәнигелер пуқараларға жеткерип бериў, түсиндириў арқалы вакцинаның нәтийжеси жоқары екенлигин, оннан күтилген иммун тосықты қәлиплестириўде пайдасы болыўын түсиндирип жеткере алатуғын болсақ, ойлаған мақсетимиз ҳәм нәтийжеге ерисиўимиз мүмкин болады, - деп қосымша еткен Отабеков.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында