2020-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң улыўма 60 521 хызметкери медициналық тексериўден өтиў дәўиринде пул төлегенлиги анықланды. Бул ҳаққында ҚР Әдиллик министрлиги Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими баслығы Е.Утепов мәлим етти.
Анықластырып айтқанда, тиккелей балаларға тәлим ҳәм тәрбия бериў менен шуғылланатуғын педагог ҳәм басқа хызметкерлердан улыўма билим бериў мектеплериниң 44 074 хызметкери, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң 16 447 хызметкери бийпул өтиўи керек болған медициналық тексериўден шығындар болған.
Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 214-статьясында ҳәм «Мийнетти қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның 24-статьясында жумыс бериўши мийнет шәртнамасын дүзиў ўақтында дәслепки тәризде ҳәм кейин ала (жумыс даўамында) ўақты-ўақты менен хызметкерлерди медициналық тексериўден өткериўди шөлкемлестириўи ҳәм буған хызметкерлер шығындар болмаўы кереклиги көрсетилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамының 45-статьясында педагог хызметкерлер мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде бийпул медициналық тексериўден өтиў ҳуқықына ийе екенлиги атап көрсетилген болса, «Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққында»ғы Нызамның 11-статьясында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери хызметкерлериниң медициналық тексериўден өткерилиўин шөлкемлестиретуғынлығы белгилеп қойылған.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-май күнги 391-санлы қарары менен тастыйықланған «Улыўмалық типтеги мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳаққында»ғы Режениң 50-бәнтинде мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң штаттағы хызметкерлери денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде белгиленген тәртипте бийпул медициналық тексериўден өтетуғынлығы белгиленген.
Жоқарыдағыларға тийкар, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге әмелдеги нызам талапларына қатаң әмел етиў ҳәм алдағы ўақытларда медициналық тексериўден өтиўи шәрт болған лаўазымларда ислеўши хызметкерлерди шығындар қылмаған ҳалда медициналық тексериўди шөлкемлестириў және өткериў бойынша тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz