Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.03.2021 16:02
  • 728

Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды

Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды
Министрлер Кабинетиниң «Жоқары оқыў орынлары студентлерине төленетуғын стипендиялар муғдарын белгилеў және стипендиялар тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша қарар жойбары жәрияланды.

Қарар жойбарына муўапық, 2021-2022-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларының бакалавриаты күндизги бөлимине оқыўға кириў имтиханларында ең жоқары балл топлаған (грант ҳәм төлемли контракт тийкарында) 200 жас ушын толық оқыў дәўири даўамында Президент гранты стипендиясы енгизиледи.

Бунда нызам ҳүжжетлерине муўапық, жоқары оқыў орнына кириўде қосымша балл тәризинде жеңиллик берилетуғын категориядағы абитуриентлер ушын кириў имтиханлары нәтийжелерине муўапық топланған балына салыстырғанда қосылған балл есапланбаған ҳалда енгизиледи.

Бул тәртип дизим бойынша 200-орында турған студент топлаған баллға тең балл топлаған барлық студентлерге де тийисли болады.

Президент гранты стипендиясы ийеси болған студентлер дизими ҳәр жылы кириў имтиханлары таңлаў нәтийжелери жәрияланған күннен соң 10 күн мүддетте Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен тастыйықланған ҳалда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине жоқары оқыў орынлары кесиминде усынылады.

Президент гранты ийеси болған биринши курс студентлерине оқыў жылының 1-семестри даўамында Президент стипендиясы муғдарына тең болған муғдарда стипендия белгиленеди ҳәм төленеди.

Оқыў семестри нәтийжелерине муўапық, барлық пәнлер бойынша өзлестириў көрсеткиши тек ғана «айырықша» баҳа болған (курс жумысы, курс жойбары, әмелият ҳәм әскерий таярлық ушын алған баҳалар буған кирмейди) студентлерге Президент стипендиясын төлеў даўам еттириледи.

Оқыў семестри нәтийжелерине муўапық, кеминде бир пәннен өзлестириў көрсеткиши «айырықша» баҳа болмағанда, Президент гранты ийеси болған студентлерге келеси оқыў семестри даўамында улыўмалық тәртипте өзлестирип атырған студентлерге белгиленген муғдарда стипендия белгиленеди ҳәм төленеди.

Гезектеги оқыў семестри нәтийжелерине муўапық, барлық пәнлер бойынша өзлестириў көрсеткиши тек ғана «айырықша» баҳа болған, дәслеп Президент гранты стипендиясы ийеси болған студентлерге Президент стипендиясы муғдарына тең болған муғдарда стипендия қайта белгиленеди ҳәм төленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

    Алымлар экологиялық жақтан қолайсыз аймақларда жасаўшы адамларда қантлы диабеттиң екинши түриниң раўажланыў қәўпи артыўын анықлады.

Қайсы ѳнимлерди жеў териниң жағдайына унамсыз тәсир етеди?

Қайсы ѳнимлерди жеў териниң жағдайына унамсыз тәсир етеди?

    Қурамында қумшекер муғдары жоқары болған ѳнимлер жүз терисиниң эластиклигин сақлайтуғын коллаген талшықларына зыян жеткереди.  Дузланған