Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.03.2021 11:26
  • 1052

Қарақалпақстаннан және 500 ге шамалас пуқаралар Қазақстанда жумыс ислеў ушын жөнеп кетти

Қарақалпақстаннан және 500 ге шамалас пуқаралар Қазақстанда жумыс ислеў ушын жөнеп кетти
Өзбекстан пуқараларын сырт еллерде жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм Қазақстан Республикасының жумыс бериўшилери арасында келисимге ерисилген еди.

Усы келисим тийкарында усы жылдың 7-март күни Қарақалпақстан Республикасынан 490 пуқара «Даўыт ата» шегара посты арқалы ири қурылыс объектлеринде белгиленген эпидемиологиялық талапларға әмел еткен ҳалда жумыс ислеў ушын Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласына шөлкемлескен тәризде жөнеп кетти.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги Карақалпақстан Республикасы филиалы хызметкерлери тәрепинен жумыс ислеўге баратырғанларға тийисли түсиниклер берилип, бийпул қамсызландырыў полиси ҳәм хызмет көрсетиў шәртнамасы рәсмийлестирилди.

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасынан усы жылдың 22-февраль күни 253 пуқара ҳәм 26-февраль күни болса 138 пуқара Қазақстанның Ақтаў қаласына жумыс ислеў ушын жиберилген еди.

Мағлыўмат ушын, пандемия себепли Россия ҳәм Қазақстан мәмлекетлери шегараларын ашпағанлығы себепли ҳәзирше сырт еллерде жумыс ислеў бойынша тек ғана Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм оның Қарақалпақстандағы филиалына мүрәжат етиў және толық мағлыўматларды алыў имканияты бар.

Буның ушын төмендеги көрсетилген телефон номерлерине хабарласыўыңыз мүмкин.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги: 1282 қысқа номери ямаса +99871 202 33 55, +99871 200 00 61

Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасындағы филиалы: +99861 222 53 32, +99861 222 53 34

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған