Telegram karinform

Экономика

  • 10.03.2021 11:46
  • 1240

Қарақалпақстанда 887 миллион доллардан аслам болған 711 жойбар әмелге асырылады

Қарақалпақстанда 887 миллион доллардан аслам болған 711 жойбар әмелге асырылады
Президент Шавкат Мирзиёев 9-март күни Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты. Бул ҳаққында «Kknews.uz» сайты хабар берди.

Мәмлекетимиз басшысы 2020-жылдың 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында аймақтың экономикасын раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў бойынша көрсетпелер берген еди. Оннан соң, қәнигелер тәрепинен ҳәр бир қала ҳәм райондағы имканият ҳәм машқалалар үйренилип, усыныслар ислеп шығылды. Солар тийкарында, өткен жылы 11-ноябрьде Президенттиң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Презентацияда, ең дәслеп, усы қарардың орынланыўы шеңберинде инженерлик ҳәм жол инфраструктурасын раўажландырыў, мәҳәлле ҳәм аўылларда турмыс шараятларын жақсылаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Қарақалпақстанда 887 миллион доллардан аслам болған 711 жойбар әмелге асырылады
Өткен жылы Қарақалпақстанда улыўма баҳасы 436 миллион долларлық 712 жойбар әмелге асырылып, 4 мың 300 ден аслам жумыс орны жаратылған. Усы жылдың январь-февраль айларында болса 52 жойбар орынланып, 300 ден артық адамның бәнтлиги тәмийинленген.

Бул бағдардағы жумыслар системалы түрде даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, улыўма баҳасы 887 миллион доллардан аслам болған және 711 жойбар қәлиплестирилген. Тараўлар кесиминде айтатуғын болсақ, 201 жойбар санаат, 280 жойбар хызмет көрсетиў, 230 жойбар аўыл хожалығы тармақларына туўры келеди. Барлық жойбарлар нәтийжесинде 222 миллион долларлық ислеп шығарыў қуўатлылығын шөлкемлестириў, 100 миллион долларлық импорт орнын басыў ҳәмде 41 миллион долларлық экспортты тәмийинлеў мүмкин болады. 22 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады.
Қарақалпақстанда 887 миллион доллардан аслам болған 711 жойбар әмелге асырылады
Қарақалпақстанда 887 миллион доллардан аслам болған 711 жойбар әмелге асырылады
Қарақалпақстанның жери минерал ресурсларға бай. Оларды қайта ислеп, қурылыс материалларын таярлаў мақсетинде 150 жойбар режелестирилген. Нәтийжеде жылына баҳасы 1 триллион сумнан артық болған өним ислеп шығарылып, қосымша 3 миллион доллар муғдарындағы өнимди экспорт қылыў имканияты жаратылады. Мәселен, Мойнақ районында керамика ҳәм қамыстан плиталар, Төрткүл районында айна ислеп шығарыў режелестирилген.

Текстиль тараўында 40, фармацевтика бағдарында 16 кәрхана шөлкемлестириў мөлшерленген. Бул кәрханаларда 5 мыңнан аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Олардан бири – артемия цистасын қайта ислеў бойынша жойбар болып есапланады. Оннан таярланатуғын өнимлер медицина, фармацевтика, косметология, аўыл хожалығы сыяқлы көплеген тараўларда пайдаланылады. Соның ушын 30 миллион долларлық кәрхана шөлкемлестирип, жылына 3 мың 500 тонна артемия цистасын қайта ислеўди жолға қойыў режелестирилген. Оның экспорт қуўатлылығы 30 миллион болыўы мөлшерленген. Бул жерде 500 турақлы, 2 мың мәўсимлик жумыс орны жаратылады.

Боян тамырын қайта ислеў бойынша және 13 жойбар қәлиплестирилген. Олардың нәтийжесинде боян тамыры өнимлериниң экспортының муғдарын ҳәзирги 29 миллион доллардан 62 миллион долларға жеткериў мақсет етилген.
Қарақалпақстанда 887 миллион доллардан аслам болған 711 жойбар әмелге асырылады
Қарақалпақстанның аўыл хожалығы тараўындағы имканиятлары да жүдә кең. Мәселен, шарўашылық, балықшылық ҳәм қусшылық бойынша 117 жойбар ислеп шығылған. Олардың нәтийжесинде 7 мыңға жақын адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Әҳмийетлиси, 24 жойбар гөш, сүт ҳәм терини қайта ислеў, аралас жем ислеп шығарыўға бағдарланған.

Мәмлекетимиз басшысы сырт ел тәжирийбесин енгизген ҳалда, нәсилли шарўашылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти. Ресурсларды толық иске қосып, қайта ислеўди тереңлестириў, адамларға турақлы дәрамат дерегин жаратыў илажлары бойынша көрсетпелер берди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды