Telegram karinform

Спорт

  • 10.03.2021 18:19
  • 1127

Қарақалпақстанлы жас өспиримлер футзал бойынша тарийхый нәтийжени қолға киргизди

Қарақалпақстанлы жас өспиримлер футзал бойынша тарийхый нәтийжени қолға киргизди
Ташкент ўәлаятында 2008-жылы туўылған жас өспиримлер арасында спорттың футзал түринен «Спорт мектеплери футбол лигасы» Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионаттың финал басқышы бүгин, 10-март күни саат 12:00 де өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сырдәрья ўәлаяты сайланды командалары жеңимпазлық ушын өз ара жарысқа түсти.

Финал ойынында Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қарсыласларына ҳеш қандай имканият қалдырмай, 3:0 есабында толық жеңиске еристи ҳәм спорт тарийхында биринши мәрте Өзбекстан чемпионы болды.
Қарақалпақстанлы жас өспиримлер футзал бойынша тарийхый нәтийжени қолға киргизди
Ең әҳмийетлиси, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы усы жарыста өткерилген барлық ойынларда улыўма өз дәрўазасынан топ алып шықпады. Яғный, ҳеш бир команда республикамыз командасы дәрўазасына гол ура алмады.

Спортшыларды жарысқа бас тренер Исламбек Уснатдинов ҳәм тренер Сейтмурат Қалжанов таярлады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет