Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.03.2021 15:44
  • 1099

Қарақалпақстан аймағына суўық антициклон кирип келди. Суўық ҳаўа райы қашанға шекем даўам етеди?

Қарақалпақстан аймағына суўық антициклон кирип келди. Суўық ҳаўа райы қашанға шекем даўам етеди?
Бүгин түнде Қарақалпақстан аймағына Россияның (Москва областы) Европа аймақлары үстинде қәлиплескен суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келиўи басланды. Қарақалпақстанның Қоңырат, Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районлары аймағында қар жаўды. Самалдың тезлиги 17-22 м/с қа шекем күшейди, айырым жерлерде самалдың тезлиги 23-28 м/с қа жетти.

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, ертең, 13-март күни Қарақалпақстан аймағы суўық ҳаўа массалары тәсиринде болады. Айырым жерлерге қар жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 3-8 градусқа шекем суўытады.

14-мартта республикамыз аймағында жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Түнги ўақытлары 10-15 градус суўық, ал күндиз 2-7 градус суўық болыўы күтилмекте.

12-14-мартта самалдың тезлиги 17-22 м/с, айырым жерлерде 23-28 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

15-мартта түнде суўық антициклонның тәсири күшейеди ҳәм ҳаўаның температурасы 2-7 градусқа шекем түседи. Күндиз болса ҳаўаның температурасы бираз көтерилип, 3-8 градус жыллы болыўы күтиледи. Бул март айының ортасы ушын нормадан 8-10 градусқа төмен болып табылады.

Қар жаўыўы ҳәм төмен температура республикамыздағы жолларда музғалақ пайда болыўына алып келиўи мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...