Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.03.2021 12:38
  • 1591

Муғаллим, тәрбияшы, шыпакер ҳәм мийирбийкелер ушын автокредит бериледи

Муғаллим, тәрбияшы, шыпакер ҳәм мийирбийкелер ушын автокредит бериледи
Муғаллимлер, оқытыўшылар, тәрбияшылар, шыпакер ҳәм мийирбийкелер ушын 4 жыллық автокредит енгизиледи. Бул ҳаққында «Ипотека банк»тиң баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, муғаллимлер, оқытыўшылар, тәрбияшылар, шыпакер ҳәм мийирбийкелерди финанслық қоллап-қуўатлаў мақсетинде берилетуғын «Фидокор» автокредити бойынша өзгерислер киргизилмекте.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы, Халық билимлендириў, Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрликлери системасындағы мәкеме хызметкерлери ушын 15-марттан баслап «Фидокор» автокредити: мүддети 48 айға шекем, жыллық үстеме ҳақы 22 процент, дәслепки төлеми 30 процент шәрти тийкарында бериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған