Бүгин Ташкент қаласы ҳәкимлигинде Ташкент қаласына коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша қалалық штаб ағзалары, қала ҳәкими Ж.Ортиқхўжаев басшылығында арнаўлы жыйналыс болып өтти.Қала ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жыйналыста Ташкент қаласында коронавирус инфекциясына шатылыў жағдайлары артып атырғаны бойынша тийисли тараў ўәкиллериниң мәлимлемеси тыңланды.
Қаланың барлық районлары, мәкан пуқаралар жыйынлары, жумыс орынлары ҳәм билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, халық көп жыйналатуғын базарлар және саўда орайлары, жәмийетлик транспортларда әмелдеги карантин тәртип-қағыйдаларына толық әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.
Мағлыўмат ушын, 12-13-март күнлери Өзбекстан бойынша коронавирус инфекциясына шатылыў бойынша күнлик көрсеткиш 80 адамға шамаласып, солардан Ташкент қаласының өзинде бир күнде 70 наўқас анықланған еди.
ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, 14-март күнги жағдай бойынша Өзбекстан бойлап медициналық мәкемелерде емленип атырған 725 наўқастан 141 адамның аўҳалы аўыр, ал 23 адамның жағдайы оғада аўыр болып қалмақта.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz