Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.03.2021 15:40
  • 1012

Басланып атырған ҳәптеде ҳаўа райы қандай болыўы күтилмекте?

Басланып атырған ҳәптеде ҳаўа райы қандай болыўы күтилмекте?
Бүгин республикамыз аймағы антициклон тәсири астында болады. Күн даўамында ҳаўа 3-8 градусқа шекем жылыйды, бул март айының ортасы ушын нормалық өлшемлерден бир қанша төмен болып есапланады.

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, 16- ҳәм 17-мартта антициклон перифериясы Өзбекстан аймағынан кескин артқа шегинеди, түнги ўақытларда бираз суўық сақланып, күндизги ўақытларда әсте-ақырын жылый баслайды. Сәршемби күни күндизги температура 9-14 градус жыллыға көтериледи.

Көпшилик жерлерде жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

Ҳәптениң екинши ярымы басынан Иран аймақларынан қурғақ ҳәм оғада жыллы ҳаўа кирип келиўи басланады. Ҳаўаның температурасы әсиресе күндизги ўақытларда кескин көтериледи. Мийнет ҳәптесиниң ақырында температура күндизги ўақытларда 20-25 градус жыллы болып, нормадан 6-8 градусқа жоқары болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында