Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.03.2021 16:37
  • 1611

«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?

«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?
1904-жылы (1903-жыл деп те айтылады) жергиликли халық күши ҳәм Темирхан болыс, Қәлимбет бай ҳәм т.б. өз дәўириниң белсенди, халық жанашырларының материаллық жәрдеми және шөлкемлестириўи менен Босай арнасына тахтайдан көпир салынып, бул жер соннан баслап «Тахтакөпир» аталған. Көпир ҳәзирги ўақытта 117 жыллық тарийхқа ийе естеликке айналған.

Бердишүкир аға Шонғараевтың еске түсириўине қарағанда, Босай арнасында бурын көпир болмаған. Арнаның еки тәрепи қалың, отырықшы ел болып, адамлар үлкен қараталдан кемеге усатып наўа соғып, суўға ығызып, арқанлар менен арман-берман өтип, қатнас жасаған.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?
Тахтакөпир орайындағы үлкен базарға Хийўа, Үргениш, Гөне Үргениш, Қоңырат, Хожели, Шымбай ҳәм Төрткүл қалаларынан саўдагерлер кәрўаны келип турған. Олар усы жерде Қазақстан ҳәм Россия саўдагерлери менен затларын айырбаслап, мәдений байланыс жасаған. Базар узақ базар, қысқа базар болып бөлинген. Соған байланыслы Босай арнасының әтирапына көшип келиўшилер саны жыл сайын көбейген.

Сол жыллары Тахтакөпирди Темирхан деген болыс басқарған. 1903-жылы дәрьяның батыс ҳәм шығыс тәрепиндеги халық өз ара кеңесип, Босай арнасына көпир салыўды жобаластырады. Қәлимбет бай ҳәм Шылымбет бай көпир ушын зәрүр тахтай, шеге ҳәм т.б. затларды жеткерип бериўди мойнына алған. Сондай-ақ, сол заманның қолы гүл усталары Әйтимбет нәўше, Жәримбет қуйын, Медет хожа киби усталар шеберлик пенен көпирди курған. Тахтай көпир жүдә беккем, атлы ҳәм жаяўлар өтетуғын, ҳәттеки, үстинде аўыр жүги бар ат ҳәм ешек арбалар да өте беретуғын, көтеретуғын етип сапалы питкерилген.

Ал, тахтай көпир қурылысына басшылық еткен Темирхан болыс өз заманының исбилермени, ел басшысы ҳәм әскербасы болған. Бердишүкир аға усы Темирхан болыс урпағынан. Бердишүкир ағаның айтыўына қарағанда Темирхан болыс 1916-жылы елге шапқан түркмен яўмытлары менен алысып, Айдос қала әтирапында басқыншыларды жер менен жексен еткен. Соннан бери ол жер Түркменқырылған деп аталады. Темирхан болыстың ата-теги бессары урыўынан шыққан. Бердишүкир аға Шонғараев Темирхан болыстың инисиниң ақлығы. Буннан басқа Темирхан болыстың бес қызы болған. Қызлар бес жаққа турмысқа шығып кеткен. Изинен ул урпағы қалмағанлықтан, болыстың қашан туўылып, қашан қайтыс болғанлығы ҳаққында анық мағлыўмат жоқ.

Жергиликли халықтың айтыўы бойынша, Темирхан болыс 1929-жылы Тахтакөпир көтерилисин бастырған.

Босай арнасына салынған «тахтай көпир» кейин ала Тахтакөпир районы атамасына тийкар болған.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта көпир қайта реконструкцияланып, көлеми жағынан әдеўир қысқарған.

Нурсултан Темирханов,
ҚМУ студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге