Тахтакөпир районы турғынлары әзелден шарўашылық ҳәм дийқаншылық пенен шуғылланып келген. Район тәбияты шарўашылыққа бейимлескен аймақ болғанлықтан жылқышылық әдеўир раўажланған. Себеби, жылқышылық жергиликли халық ушын ата кәсип есапланады. Ал, Тахтакөпир қазысының даңқы пүткил Орта Азияға таралған, оны сырт еллер буйыртпа берип алдыртпақта.
Ал, аты әпсана тулпарлары туўралы билесиз бе?Тарийх бетлерине нәзер салсақ Айдос бий ҳәм Арзы батыр ҳаққында халқымыз жетерли мағлыўматқа ийе. Халық аўзында Арзы батыр Айдос бийдиң мың нөкерине қусбеги болған.
Султангелди бий Айдосты қорғаўды, оттан-суўдан алып шығыўды жас ўақытларынан баслап-ақ Арзы батырға тапсырған екен, деген рәўиятлар бар. Сол Арзы батыр күшли атсейис те болған деген гәп бар.
Арзы батырдың Ақбөрте ҳәм Ушқын деген еки тулпары қарақалпақта өзиниң атынан, ал Хорезм-Түркмен ишиндеги тойларда Айдос бийдиң атынан байраққа қосылады екен.
Ақбөрте тулпарды Арзы батыр ат байрақларға қосқан. Негизинде ерек ат (ылаққа шабатуғын ат «ерек ат» делинеди) қосарда жүреди. Бул тулпар жолға ямаса хызметке минилмейди. Арзы батыр оны тек ғана саўашқа ямаса ылаққа минеди екен. Арзы батыр Айдосқа қандай садық болса, Ақбөрте тулпар Арзы батырға сондай садық болған. Сөйтип бул тулпар байраққа қосылыў-қосылмаўды өзи шешеди екен. Егер байраққа шабатуғын болса, оқыранып, алдыңғы аяғы менен жерди теўип турады, ал, байраққа қосылмайжақ болса, алдына берген жемин дурыслап жемей, талмаўсып қалады екен.
Сондай-ақ, рәўиятта Түркменниң Диярбәкир жеринде болған үлкен тойда Ақбөрте тулпар бас бәйгиде басқа атларды әдеўир изде қалдырып, қурдың алдынан бөлек өткен екен, делинеди. Сонда түркменлер Айдос бийди дүнья-мүлкке ырза етип, Ақбөртени алып қалған екен. Бирақ, тулпар басқа сейистиң қолында байраққа шаппапты. Лекин, тулпар өз жайлаўына қосылған соң бурынғыдай байраққа қосылыпты. Бердақ шайыр өзиниң «Бегдиң көк аты» қосығында Ақбөрте тулпарды былай еске алады:
Көк келеди тосқан тулпарды баслап,
Ақбөртедей кеңнен дойнағын таслап,
Көрген жанлар қыйқыў берер ҳалласлап,
Қанатлы қаназат бегдиң Көк аты.
Ушқын тулпар Бул атты да Арзы батыр Ақбөрте тулпар менен алма-гезек саўашқа минген ҳәм байраққа қосқан. Сейисликтиң талабы бойынша негизинде ерек атлар қустай әлпешленип сақланады. Арзы батырдың басқа сейислерден өзгешелиги – атты адамға жолдас ретинде үйрете билген. Рәўиятта Султангелди бий (Султангелди – Айдостың әкеси, Байдос ҳәм Майбас – Айдостың ағалары) өзиниң сара үйирин үш мәрте Айдос, Байдос ҳәм Майбастың тусынан айдатып өткерипти. Үшеўи де атларға қызықсынбапты. Ал, үшеўинде де Арзы батыр атлардың изинен жуўырып, Ушқын тулпардың жалынан тартып үстине мине берипти. Соң Арзы батыр бийдиң алдына келип, «Жан ата, егер маған Ушқын тулпарды берсеңиз Айдос мен өлгенше өлмейди», - депти. Сонда бий: - Ўаҳ, балам, кеўлимдегини айттың, Ушқын тулпар сеники, - депти.
Тахтакөпир жылқышыларында «Едиге батырдан кейинги жылқы менен тиллесе билетуғын, жылқыны түсине билетуғын инсан – бул Арзы батыр», -деген гәп бар.
Айдос бийдиң заманында Артықғазы хан, Ядгар хан, Абылғазы хан IV, Абылғазы хан V сыяқлы Хийўа ханлары қарақалпақлар арасында көп болған. Әсиресе, Муҳаммед Раҳим хан қарақалпақ арасында мәлим дәрежеде жасаған. «Айдос қала»ны қурыўға ханлықтан көп ғәрежет берген. Қурылыс басында жүрген.
Сол Муҳаммед Раҳим хан: «Ақбөрте – Арзының аяғы, Ушқын – қанаты», - деп айтып кеткен.
Мағлыўмат орнында, Арзы батыр – ата-теги қостамғалы урыўынан шыққан. Бердақ шайыр жырлаған Нуртай батырдың шаўлығы.
Ақбөрте ҳәм Ушқын – бул тулпарлардың атлары. Екеўи бир айғыр ҳәм бир бийеден туўылған. Нәсили – ябы Суўбийе.
Нурсултан Темирханов,
ҚМУ студенти.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz