Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.03.2021 19:47
  • 9320

Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди

Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди
Соңғы ўақытларда социаллық тармақларда, әсиресе, «Telegram» каналларында медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған жәнликлер, деп көрсетилген видеолар кең тарқалмақта.

Негизинде көпшилик Өзбекстандағы жағдай деп айтып атырған бул көринислер март айының екинши ярымында Қазақстанда тарқалған. Бул ҳаққында «Kun.uz» басылымы жазбақта.

Онда көринис авторы медициналық нықапты қайнаған суў қуйылған ыдыстың үстине қояды ҳәм телефон арқалы көриниске алады. Үлкейтип көрсетиў процесинде медициналық нықаптың ишки қатламында қара реңдеги қурт тәризли нәрсениң ҳәрекетленип атырғанын көриў мүмкин.

Бул видеода мәлим етилгениндей, медициналық нықаплар арасында қандайда бир жәнликлер, соның ишинде, киши қуртлар жасаўы ҳақыйқатқа туўра келмейди. Себеби, биолог илимпазлардың пикиринше, ҳәр бир тири организм өмир сүриўи ушын белгили бир орталық зәрүр. Медициналық нықаплардың синтетикалық қатламлары арасында қуртлар жасаўы ушын зәрүр орталық жоқ.

Енди көринислердеги ҳәрекетленип атырған нәрсеге тоқталсақ, бул жағдай үйренилген, барлығы медициналық нықаплар қатламлары арасына ҳәр қыйлы басқа материаллардың талшықлары түсип қалыўы менен байланыслы. Медициналық нықаплардың өзи әдетте спанбод, полиэстер ҳәм вискоза сыяқлы химиялық материаллардан таярланады. Бул материаллар суўыққа да, ыссыға да шыдамлы есапланады. Бирақ, олардың арасында билқастан түсип қалған басқа талшықлар ыссы пуўдың тәсиринде ҳәрекетлениўи мүмкин.

Сондай-ақ, сол талшықлар пайда болатуғын статикалық заряд ямаса ҳаўа тәсиринде де ҳәрекетлениў итималы бар. Демек, медициналық нықаплар арасында қуртлар ҳаққындағы мағлыўматлар тийкарсыз болып табылады.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, ӨзР Денсаўлықты сақлаў министриниң 2020-жыл 20-марттағы 114-санлы «Медициналық буйымлар дизимине өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы буйрығы тийкарында медициналық нықаплар медициналық буйымлар дизиминен алып тасланған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында