Нөкис транспорт колледжинде шөлкемлестирилген Қурылыс тараўында маман қәнигелерди таярлаў орайының ашылыў мәресими болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов сөзге шығып, жыйналғанларды орайдың ашылыўы менен қутлықлады ҳәмде бул орай елимизге қурылыс тараўында заманагөй билимге ийе, тажирийбели кадрларды таярлап беретуғынына беккем исеним билдирди.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде үлкен қурылыс жумыслары әмелге асырылып, бул тараўда маман кадрларға болған талап артып бармақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-январьдағы «Ўақтыншалық мийнет жумысын әмелге асырыў ушын сырт елге кетип атырған шахсларды ҳәм бәнт болмаған пуқараларды оқытыўды шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳақкында»ғы қарары ишки ҳәм сыртқы мийнет базарына қурылыс тараўында маман кадрларды таярлаўда, мийнет мигрантларының жумыс сапасын ҳәм шараятларын жақсылаўда, сондай-ақ, пуқаралардың бәнтлигин ҳәм оларды социаллық жақтан қорғаўды тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Усы қарар тийкарында Нөкис транспорт колледжи имаратында Қурылыс тараўында маман қәнигелерди таярлаў орайы шөлкемлестирилди. Орайда қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, зәрүр инвентарьлар ҳәм оқыў процесинде пайдаланатуғын арнаўлы техникалар менен тәмийинленди.
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мәлим етиўинше, орай 14 кәсип бойынша оқыў реже ҳәм оқыў бағдарламалары менен толық тәмийнленген болып, ҳәзирде усы бағдарларда 300 пуқара оқыўға қабылланды. Олар үш ай даўамында билим ҳәм тәжирийбесин арттырады ҳәм оқыў жуўмағында оларға сертификат бериледи.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz