Қанлыкөл районында бир топар пуқаралар «Бизге Бекбергеновадай басшы керек емес, суд қарарынан наразымыз» деген сөзлер жазылған плакатларды көтерип, жолдың қатнаў бөлимин жаўып қойғаны сәўлеленген видеокөринислер социаллық тармақларда пикир-таласларға себепши болды.
Ўақыяға гүўа болған адамлардың мәлим етиўинше, наразы болған адамлар тәрепинен тилге алынған Э.Бекбергенова Қанлыкөл районындағы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директоры лаўазымында жумыс ислеп келген.
Жағдай бойынша ӨзР Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети басшысы М.Асқархўжаеваның «Дарё»ға мәлим етиўинше, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен өткерилген үйрениўлер даўамында мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директоры Э.Бекбергенованың жумысларында нызамға қайшы жумыслар жүзеге келгени ушын лаўазымынан азат етилген. Бирақ, суд қарары менен ол өз директорлық лаўазымына қайта тикленген. Буған мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшылары наразылық билдирген.
- Бул мәселе бойынша ишки аудит хызмети жумыс алып бармақта, жумысшы топар дүзилип, жағдай қайта үйренип шығылады. Бирақ соны умытпаўымыз керек, суд ғәрезсиз уйым есапланады. Сонлықтан, биз судтың жумысларына араласыўымызға ҳақымыз жоқ ҳәм қарарды орынлаўға мәжбүрмиз, - деген Асқархўжаева.
Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды мағлыўмат берип, төмендегилерди мәлим етти.Даўагер Э.Бекбергенова жуўапкер Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң қарсысына мийнет шәртнамасын бийкар етиў ҳаққындағы буйрықты бийкар етиў, жумысқа тиклеў, ишки мийнет тәртиби қағыйдаларын тастыйықлаў тәртиби бузылған деп табыў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен.
Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2021-жыл 24-марттағы шешиўши қарары тийкарында даўагер Э.Бекбергенованың даўа талаплары белгили дәрежеде қанаатландырылып, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 21-декабрьдеги К-182-санлы буйрығы бийкар етилген. Э.Бекбергенова Қанлыкөл районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директоры лаўазымына тикленген.
Ис ҳүжжетлерине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 21-декабрьдеги К-182-санлы буйрығы менен Қанлыкөл районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директоры Э.Бекбергенова менен дүзилген мийнет шәртнамасы Мийнет кодексиниң 100-статьясының (мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етиў) 2-бөлими 4-бәнтине тийкарланып, яғный хызметкер өз мийнет ўазыйпаларын бир мәрте турпайы түрде бузғаны ушын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етилген.
Мийнет шәртнамасының бийкар етилиўине Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен 2020-жыл 18-декабрьде Қанлыкөл районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде өткерилген тексериў нәтийжелери бойынша дүзилген мағлыўматнама тийкар етип келтирилген.
Суд тәрепинен усы мағлыўматнамада келтирилген жағдайлар дәлилленбегенлиги, усы жағдай бойынша алып барылып атырған сорастырыў жумыслары бойынша Э.Бекбергенованың айыбын тастыйықлаўшы суд ҳүкими болмағаны және мийнет шәртнамасын бийкар етиў ўақтында кәсиплик аўқамы комитетиниң разылығы алынбағанлығы есапқа алынып, жумыс бериўшиниң буйрығы нызамға қайшы деп табылып, бийкар етилген.
Судтың шешиўши қарары менен Э.Бекбергенова Қанлыкөл районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң директоры лаўазымына тикленип, шешиўги қарар ӨзР Пуқаралық процессуал кодексиниң 266-статьясы (жедел түрде орынланыўы керек болған шешиўши қарарлар) 4-бәнтине тийкарланып жедел түрде орынлаўға жиберилген.
Ҳәзирги ўақытта пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2021-жыл 24-марттағы шешиўши қарары нызамлы күшке кирмеген болып, усы пуқаралық иси бойынша тәреплер усы шешиўши қарар бойынша нызамда белгиленген тәртип және мүддетлерде шағым етиўине ҳақылы екенлиги қосымша етилген.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz