Бүгин Нөкис қалалық Мәмлекетлик хызметлер орайында белгили эстрада қосықшысы, «Божалар» топарының солисти Жаҳонгир Позилжонов «BOJALAR-TOUR» атамасындағы туристлик кәрханасын мәмлекетлик дизимнен өткерди. Бул ҳаққында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҚР басқармасы хабар берди.
- Қарақалпақстанда жайласқан 18 әсирлик тарийхқа ийе Аязқала, өзиниң архитектурасын жақсы сақлап қалған ҳәм бизиң эрамыздың IV әсирине тийисли болған Топыраққала, Мойнақ үлкетаныў музейи ҳәм Арал теңизи суўларында жүзиў, ҳәзирде тек ғана теңиз ҳаққында бизге сөйлеўши «Кемелер қәбирстаны» сыяқлы дыққатқа ылайықлы орынлар шет елли саяхатшыларды өзине тартып келмекте, оларға сапалы хызмет көрсетиў ҳәм миллий туризм жумысларын ишки ҳәм сыртқы базарларда еле де кең үгит-нәсият етиўди мақсет еткенбиз, - дейди Жаҳонгир Позилжонов.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында туристлик потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, дем алыў ҳәм туризм ушын шараятларды жақсылаў мақсетинде 40 қа шамалас туристлик хызмет көрсетиў тараўындағы кәрханалар жумыс алып бармақта.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz