Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.04.2021 15:09
  • 838

Жаслар менен ислесиўде жаңаша бағдар

Жаслар менен ислесиўде жаңаша бағдар
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында дүзилген Студентлер кеңеси ағзаларына гүўалықлар тапсырыў илажы болып өтти.

Илажға институт Студентлер кеңеси ағзалары, олардың ата-аналары, профессор-оқытыўшылар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Өткерилген илажда институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров сөзге шығып, Өзбекстандағы барлық жоқары оқыў орынлары арасында биринши мәрте Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Студентлер кеңеси шөлкемлестирилгенлиги, кеңес ағзалары тәрепинен алып барылып атырған жумыслар, олардың нәтийжелилиги және әҳмийети ҳаққында жыйналғанларға мағлыўматлар берди.
Жаслар менен ислесиўде жаңаша бағдар
Институтта 2019-жылы қәбилетли, зийрек студентлерди анықлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстандағы жоқары оқыў орынлары ишинде биринши болып Студентлер кеңеси шөлкемлестирилген еди. Усы кеңестиң 2019- ҳәм 2020-жыллардағы жумысларында ҳәр бир факультеттен оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған жаслар қамтып алынды. Олардың басламаларын әмелиятқа кең енгизиў ҳәм жасларды хошаметлеў мақсетинде пүткиллей жаңаша система – студентлерге базалық стипендияның 50% ине шекемги муғдарда үстеме ҳақы төлеў жолға қойылды. Усы мақсетте 2019-жылы 273 студент, 2020-жылы 167 студентке усындай үстеме ҳақылар ҳәм басқа да хошаметлеўши қаржылар ажыратылды. Ал быйылғы жылы болса олардың көлеми еле де артып, 428 студентке 10 проценттен 50 процентке шекемги муғдарда стипендиясына қосымша үстеме ҳақылары төлеп берилиўи усыныс етилген.

Өзбекстан Республикасы Президенти 2020-жыл 25-декабрь күни Өзбекстан жаслары форумы ҳәм 29-декабрь күни Олий Мажлис және халқымызға жоллаған Мүрәжатында 2021-жыл даўамында жаслар менен ислесиўди жаңаша басқышқа көтериў ҳәм жетилистириў бойынша исленетуғын жумысларға кең түрде тоқтап өтип, 2021-жылға «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп атама берген еди.
Жаслар менен ислесиўде жаңаша бағдар
Жаслар менен ислесиўде жаңаша бағдар
Быйылғы жылдың мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында өз жумысларын шөлкемлестирип атырған Студентлер кеңеси жумысларының нәтийжелилиги, алға қойған мақсетлери жоқары.

Бириншиден, кеңес ағзалары болған қәбилетли, билимли, зийрек студентлер «Теңлеске-теңлес» принципи тийкарында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде пән дөгереклери, тил үйрениў курслары, мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў, дөретиўшилик клубларының жумысларын қолға алып, студентлерди кең түрде қамтып алды.

Екиншиден, Президентимиз тәрепинен алға сүрилген бес әҳмийетли басламаны жаслар арасында кең ен жайдырыў бойынша сапа ҳәм нәтийжелиликке ерисилди.

Үшиншиден, жаслардың, әсиресе, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилиги артып, лидерлик қәбилетлери қәлиплесиўинде Студентлер кеңесиниң жумыслары әҳмийетли болды.

Төртиншиден, усы бағдарларда алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде институттың республикалық жоқары оқыў орынлары арасындағы таңлаўлар, фестивальлар, жарыслардағы қолға киргизген табыслары жоқары басқышқа көтерилди.

Бесиншиден, Студентлер кеңесиниң жаслар арасына терең кирип барып, олардың машқалаларын анықлап, пикир-усынысларын жуўапкер тәреплер менен унамлы шешиўи нәтийжесинде соңғы 3 жылдың ишинде институт жаслары тәрепинен ҳеш кандай жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар әмелге асырылмады. Бул ең әҳмийетли тәрепи болып есапланады.
Жаслар менен ислесиўде жаңаша бағдар
Жаслар менен ислесиўде жаңаша бағдар
Илажда Студентлер кеңеси баслығы, орынбасары ҳәм ағзаларына гүўалықлар тапсырылды. Сондай-ақ, кеңес ағзалары есапланған студентлердиң ата-аналарына институт ректорының миннетдаршылық хатлары және саўғалары тапсырылды.

Жаслардың ата-аналары институт тәрепинен исленип атырған усындай үлгили жумыслар, көрсетилип атырған итибар және ғамқорлықлар ушын миннетдаршылық билдирди.
Жаслар менен ислесиўде жаңаша бағдар
Илажда Студентлер кеңеси тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында видеоролик жыйналғанлар итибарына усынылды.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

    Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем  шикаят