«Леди» ҳәптелик газетасының 2014-жылы шыққан №44 санында «Из воспоминаний поручка Колушева, 1894 год, Приаралье» деген қатарларға көзимиз түсти.
Онда «Команда охотников 5-го Туркестанского линейного батальона в составе пятнадцати нижных чинов с десятью верблюдами и тридцатью двумя собаками выступила 4-января 1894 года на охоту Чимбайский участок Амударинского отдела в урочище Дау-кара. По заранее собранным сведениям было известно, что выше названном участке появилось много тигров, которые наносили большой вред стадам местных жителей и бывали случай, что заедали даже людей», - деп жазылған.
Бул мағлыўмат Туран жолбарыслары Дәўқара (ҳәзирги Тахтакөпир) аймақларында жолбарыслардың көплеп жасағанлығының айқын дәлили. Туран жолбарысын тахтакөпирлилер «Аша жолбарысы» деп атайды. Себеби, олардың көкирек ашасы кең болған. Илимге Сибирь ҳәм Туран жолбарысы деп киргизилген. Аша жолбарыслары тийкарынан Дәўқара, Сарықамыс, Даўыткөл бойларында, тоғайларда күн кеширген, әўлийелерге келип түнейтуғын болған. Бирақ, қанша қорқып-үрккен менен отырықшы халық оларға аса зыян келтирмеген. Ал 1894-жылдан баслап 1957-жылға шекем Қарақалпақстан аймағындағы Туран жолбарыслары жалпыламай қырып тасланған. Патша әскерлери ҳәм Қызыл әскерлер Қарақалпақстан аймағындағы Туран жолбарысларын «адам өмирине қәўип туўдырып атыр» деген жалған мағлыўмат пенен оларды атып өлтирген, бирақ, биолог алым В.Прохоровтың жазып қалдырған мағлыўматында «Өткен 70 жыл ишинде Орта Азияның барлық жолбарыслары тамаша ушын, сулыў териси ушын атып өлтирилди» делинген.
Поручик Колушев Фёдор Николаевич өз күнделигинде былай деп жазған:
«Бизлер Түркистан генерал губернаторлығы бойынша жигирмадан аслам жолбарысларды тек терилери ушын ғана өлтирдик. Он түйеге жүк артып, отыз еки ийтти ертип, көп мылтық пенен Дәўқара аймағына жол алдық. Көзимизге қанша жолбарыс көринсе, бәрин аўлап алыў нийетинде болдық. Бизлер «Қара үңгир»ге жақынласқанымызда ийтлер белги берди, ийтлер қатты үрген жерге барсақ, үлкен жолбарысқа жақынлай алмай турған екен. Адамларды үш топарға бөлип, мылтықлар менен жолбарысты қоршаўға алып, оқ аттық. Жолбарыс қоршаўды бузып, Иванов деген солдатты пәнжеси менен бир қағып жарақатлап кетти. Тахтакөпирде фельдшерлик пункти болмағанлықтан жарадар жедел түрде Шымбайға жиберилди».
Сондай-ақ, поручик Колушев былай деп келтирген: «Шымбайдағы фельдшерлик бөлиминен хабар келди. Ивановтың жарақаты аўыр екен, тәўир болмаўы мүмкин, - депти. Оның қасында болыў ушын аң аўлаўды тоқтатыўға туўра келди. Атылған оқлардан жолбарыс аяғынан жарақатланған, сол аяғы менен Ивановты қаққан. Қәйтсе де Иванов тәўир болмаған. 3-февраль күни Шымбай фельдшерлик пунктинде қайтыс болды. Фельдшердиң айтыўынша, жолбарыстың қаны денесине өтип кеткен. Оның денесин 5-февраль күни Нөкистеги орыс әўлийеге жерледик. Қәбир тасына «жолбарыс салған жарақаттан қайтыс болды» деп жаздық».
Жасы үлкен ақсақаллардың айтыўына қарағанда, Туран жолбарысы жергиликли халыққа аса зыян келтирмеген. Олар тек ғана өз падасынан артта қалып баратырған ямаса жарадар ҳайўанлар менен азықланған. Падаларға ҳәм буўазларға хүжим қылмаған. Тийкарынан кийик, сайғақ ҳәм доңызлар менен азықланған. Сондай-ақ, Туран жолбарысы қойымшылықларда түнеп, оларды көп зияратлап турған. Ең соңғы жолбарыс 1957-жылы атып өлтирилген ҳәм ол Ерназар Алакөз қәбириниң тусына келип жан берген екен.
Бул ҳаққында шайыр Б.Сейтаев өз қосығында былай келтирген:
Сестинен ҳаўлығып қарақулақтың,
Адасқан жолаўшы дегбирден састы,
Мақтанышы болған қарақалпақтың,
Аңқылдап, «айға шапқан» шериң жоқ енди.
Алма жеп, алпыс бий сатылған жерде,
Мәртлер не күлпетке шатылған жерде,
Ең соңғы жолбарыс атылған жерде,
Жасыл тоғай, жапсар төриң жоқ енди.
Болмаса да ҳешким дүньяға тулға,
Он нәмарт татымас бир батыр улға,
Жолбарыс балалар он еки жылда,
Ал, «ҳәмел» деп арын сатқан көп енди.
Дерекли мағлыўматларға тийкарлансақ, аша жолбарыслары Каспий, Закавказье ҳәм Орта Азияның әййемги аймақларында жасағанлықтан Туран жолбарысы деп аталған. Бул атаў жолбарыстың маңызлы минез-қулқы сыпатламаларының бири есапланады. Себеби, илимий изертлеўлерде жолбарыс бир сутка даўамында 100 км жолды басып өтетуғыны, Бенгаль ҳәм Амур жолбарысларына қарағанда узын ҳәм салмақлырақ болғанлығы келтирилген. Туран жолбарысының салмағы 240 кг, узынлығы 224 см, сондай-ақ, жолбарыс реңи қызыл, қызыл түсли ҳәм жүнлери қалың болған, басқа жолбарыслардан айырмашылығы оның жолақлары қара емес, қоңыр ҳәм 6 метр узынлыққа секириўи, олжасын бир соққы менен өлтириўи, 12 жылда бир рет қурсақ көтериўи ҳәм балалары саны үшеўден аспайтуғынлығы ҳаққында жазылған.
Нурсултан Темирханов,
ҚМУ студенти.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz