Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.04.2021 14:44
  • 1024

Пенсия белгилеўде қандай өзгерислер болыўы күтилмекте?

Пенсия белгилеўде қандай өзгерислер болыўы күтилмекте?
Пенсия ҳәм напақаларды белгилеўде пуқаралар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде усы жылдың 1-июнь сәнесинен баслап бир қанша өзгерислер болады.

Атап айтқанда:

- пенсияларды белгилеўде пуқараның мийнет ҳақы ҳәм мийнет стажы ҳаққындағы мағлыўматлардың электрон базасы жүргизилмеген дәўир – 2005-жылдан алдынғы жыллар ушын мийнет стажы пуқараның мийнет дәптершесиндеги жазыўлар тийкарында тастыйықлаўшы ҳүжжетлер талап етилместен есапқа алынады;

- үш жыл ҳәм оннан алдын белгиленген, қайта есапланған пенсия ҳәм напақаларды тексериў және олар бойынша анықланған артықша төлемлерди өндириў бийкар етиледи;

- жумыс ислейтуғын пуқаралар тәрепинен жумыс ислемейтуғын өмирлик жолдаслары алдағы ўақытларда пенсия тәмийнатына ийе болыўы ушын өз дәраматларынан ықтыярлы түрде ҳәр айда социаллық салық төлеў ҳуқықы бериледи;

- пенсия ҳәм напақалар пуқараның қәлеўине қарай дизимге алынған турақлы жасаў ямаса ўақытша турған жери бойынша белгиленеди ҳәм төленеди;

- пенсия ҳәм напақаларды нақ пулсыз көринисте алыў ушын арзалар пуқаралар тәрепинен Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тыс Пенсия қорының тийисли бөлимине мүрәжат етпеген ҳалда, коммерциялық банклердиң филиалларында банк пластик карталарын ашыў процесинде ямаса банк мобиль қосымшалары арқалы электрон тәризде рәсмийлестириледи;

- пуқаралардың пенсияға болған ҳуқықы жоғалғанлығын тийисли министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен усынылатуғын электрон мағлыўматлар тийкарында анықлаў арқалы пенсияларды нақ пулсыз көринисте алыўшы адамлар тәрепинен ҳәр алты айда Пенсия қорының бөлимине келиў және жуўапкер хызметкерлер тәрепинен орынларға барған ҳалда мониторинг өткериў миннетлемеси бийкар етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...